Өзбекстан Республикасы Президентиниң

 пәрманы

Соңғы жыллары республикамызда аймақларды комплексли раўажландырыўға, орынларда жүзеге келип атырған машқалаларды өз ўақтында ҳәм нәтийжели шеше алатуғын жергиликли атқарыў ҳәкимияты структурасын жетилистириўге қаратылған жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысын жетилистириў бойынша көлемли жумыслар әмелге асырылды.

Соның менен бирге, Ташкент қаласында жумыслардың ҳақыйқый жағдайын үйренгенде экономика тармақларын жедел раўажландырыў ҳәм модернизациялаў, инвестицияларды тартыў, социаллық тараўды раўажландырыў, халықтың ең әҳмийетли машқалаларын жедел шешиўге тосқынлық етип атырған системалы машқалалар менен кемшиликлер бар екенинен дәрек бермекте. Атап айтқанда:

бириншиден, регионның социаллық-экономикалық машқалаларын шешиўде комплексли қатнас жасаў және ҳәкимлер ҳәм олардың орынбасарларының мәмлекетлик басқарыў уйымлары аймақлық бөлимлери менен тығыз өз-ара бирге ислесиўи жолға қойылмаған;

екиншиден, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына өзине тән болмаған бир қатар ўазыйпа ҳәм функциялар жүкленген болып, оларды әмелге асырыўдың шөлкемлестириў-ҳуқықый ҳәм қаржы механизмлери жоқ, ақыбетинде ҳәкимликлер жанында ҳәкимшилик ҳәм басқарыў функцияларына ийе болған айрықша квазимәмлекетлик кәрхана ҳәм шөлкемлер дүзилмекте;

үшиншиден, мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликлерине ийе болған көп санлы ведомстволараралық аймақлық коллегиал уйымлар (комиссиялар, кеңеслер)дың бар екени жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының ўазыйпалары менен функцияларының алмасыўына, қабыл етилип атырған қарарлар ҳәм анық нәтийжелерге ерисиў ушын жуўапкершиликтиң болмаўына;

төртиншиден, Ташкент қаласының тастыйықланған бас режесиниң жоқ екени тәртипсиз қурылысларға алып келмекте, исбилерменлик субъектлериниң жумысын буннан былай да кеңейтиўге имканият бермей атыр, сондай-ақ, социаллық объектлерди комплексли орналастырыў ҳәм инженерлик-коммуникация тармақларын кеңейтиўди есапқа алған ҳалда пайтахтты жедел социаллық-экономикалық раўажландырыўға тосқынлық етпекте;

бесиншиден, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары хызметкерлерин материаллық хошаметлеўдиң ҳәрекеттеги тәртиби оларға жүкленген ўазыйпалар, функциялар ҳәм жуўапкершилик көлемине сәйкес келмейди, бул болса олардың жумыс нәтийжелилигине тәсир етпекте;

алтыншыдан, депутатлық ҳәм жәмийетлик қадағалаў механизмлери зәрүр дәрежеде иске қосылмаған, халық депутатлары Кеңеслериниң жумысын шөлкемлестириўдиң ҳәрекеттеги тәртиби жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының жумысы үстинен қадағалаўды толық тәмийинлемей атыр.

Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумыс нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырыў, оларды тийисли аймақтағы ең әҳмийетли машқалаларды шешиўдеги ролин күшейтиў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳәм Өзбекстан Республикасында Админстративлик реформалар концепциясының ўазыйпаларына муўапық:

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, Әдиллик министрлиги, Ташкент қаласы ҳәкимлигиниң 2018-жыл 1-сентябрьден Ташкент қаласында басқарыўдың айрықша тәртибин енгизиў бойынша ҳуқықый эксперимент өткериў ҳаққындағы төмендегилерди нәзерде тутатуғын усынысы қабыл етилсин:

Ташкент қаласы ҳәм оның қурамына киретуғын районлар (кейинги орынларда районлар деп аталады) ҳәкимликлери басқарыў аппаратлары тийкарында халық депутатлары Кеңеси тастыйықлаған бюджет шеңберинде тийисли ҳәким тәрепинен структурасы ҳәм штатлары белгиленетуғын ҳәм өзгертилетуғын Ташкент қаласы ҳәм районлар ҳәкимликлери аппаратларын шөлкемлестириў;

Өзбекстан Республикасы Финанс министрлиги, Экономика министрлиги, Қурылыс министрлиги, Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги ҳәм Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетиниң Ташкент қаласы аймақлық басқармалары басшыларының Ташкент қаласы ҳәкими тәрепинен тийисли министр менен келисе отырып, олардың районлық бөлимлериниң басшыларын болса, тийисли аймақлық мәмлекетлик басқарыў уйымы басшысы менен келисе отырып район ҳәкими тәрепинен лаўазымға тайынлаў ҳәм лаўазымнан азат етиў;

Ташкент қаласы ҳәкими ҳәм оның орынбасарларының қатнасыўындағы мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликлерине ийе болған аймақлық уйымлараралық коллегиал уйымлар (комиссиялар, кеңеслер ҳәм басқалар)ды олардың ўазыйпа ҳәм функцияларын тийисли аймақлық мәмлекетлик басқарыў уйымларына берген ҳалда кескин қысқартыў.

  1. Төмендегилер тийисли түрде Ташкент қаласы ҳәм районлар ҳәкимлери бойсыныўына және Ташкент қаласы ҳәм районлар ҳәкимлери аппаратлары структурасына өткерилсин:

Ташкент қаласы экономика ҳәм комплексли раўажландырыў бас басқармасы және районлардың экономика ҳәм аймақларды комплексли раўажландырыў бөлимлери;

Ташкент қаласы ҳәкимлиги финанс бас басқармасы ҳәм район ҳәкимликлериниң финанс бөлимлери;

Ташкент қаласы қурылыс бас басқармасы ҳәм районлардың қурылыс бөлимлери;

Ташкент қаласы турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў бас басқармасы ҳәм районлардың турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў бөлимлери;

Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетиниң Ташкент қаласы бойынша аймақлық басқармасы ҳәм инвестициялар бойынша районлық бөлимлери.

  1. Ташкент қаласында усы Пәрманның 2-бәнтинде көрсетилген мәмлекетлик басқарыў уйымларының жумысын шөлкемлестириўдиң төмендеги тәртиби орнатылсын:

а) республикалық мәмлекетлик басқарыў уйымлары:

тийисли тараўларда бирден-бир мәмлекетлик сиясатты;

мәмлекетлик басқарыў аймақлық уйымларының жумысын методикалық тәмийинлеў ҳәм муўапықластырыўды;

тийисли структураларды қәнигели кадрлар менен тәмийинлеўге қаратылған бирден-бир кадрлар сиясатын әмелге асырады;

б) Ташкент қаласы ҳәм районлардың ҳәкимликлери Ташкент қаласы ҳәм районлардағы аймақлық мәмлекетлик басқарыў уйымларының жумысына улыўма басшылықты әмелге асырады, оларға жүкленген ўазыйпалардың нәтийжели орынланыўын шөлкемлестиреди;

в) Ташкент қаласындағы аймақлық мәмлекетлик басқарыў уйымлары Ташкент қаласы ҳәкимине бойсынады ҳәм өз жумысы ҳаққында тийисли республикалық мәмлекетлик басқарыў уйымына есап береди;

г) Ташкент қаласы районларындағы аймақлық мәмлекетлик басқарыў уйымлары район ҳәкимине бойсынады ҳәм өз жумысы ҳаққындағы Ташкент қаласындағы тийисли аймақлық мәмлекетлик басқарыў уйымына есап береди.

  1. Ташкент қаласы ҳәкимлигиниң төмендеги усыныслары мақуллансын:

а) Ташкент қаласы абаданластырыў бас басқармасы жанындағы Каналларды сақлаў, пайдаланыў ҳәм оңлаў бойынша қәнигелескен ҳәм басқарма тийкарында баслы ўазыйпалары төмендегилерден ибарат болған Ташкент қаласы каналлардан пайдаланыў ҳәм оларға тутас аймақларды абаданластырыў басқармасын шөлкемлестириў:

Ташкент қаласы аймағында жайласқан каналлар ҳәм олардағы қурылмаларды сақлаў бойынша бирден-бир техникалық сиясатты алып барыў;

Ташкент қаласы аймағында жайласқан каналлар ҳәм суў хожалығы қурылмалардың тийисли санитариялық жағдайын ҳәм техникалық исенимлилигин тәмийинлеў;

каналлардан исенимли пайдаланыў ҳәм оларды жумысшы жағдайда сақлаў ушын таярлаў;

каналларды санитариялық тазалаўды комплексли ҳәм түп-тийкарынан жақсылаў, каналларға тутас аймақларды санитариялық, экологиялық норма ҳәм қағыйдаларға муўапық абаданластырыў ўазыйпаларын әмелге асырыў;

каналлардың қаладан өтетуғын бөлегин, олардың бойларын бетонлаў жолы менен реконструкциялаў, жағаларында заманагөй ландшафт архитектура усылларын қолланған ҳалда рекреациялық аймақларды қәлиплестириў;

ажыратылған қаржылар, материаллық-техникалық ресурслар, арнаўлы техника ҳәм әсбап-үскенелерден пайдаланыўдың нәтийжелилигин, соның ишинде, суў ҳәм энергия үнемлейтуғын технологияларды енгизген ҳалда арттырыў;

б) Ташкент қаласы атқарыўшы ҳәкимият структурасында тийкарғы ўазыйпаларды төмендегилерден ибарат болған Ташкент қаласы транспорт ҳәм жол-транспорт инфраструктурасын раўажландырыў департаментин шөлкемлестириў:

қала транспортын тәртипке салыў ҳәм раўажландырыўдың нәтийжели механизимлерин шөлкемлестириў, басқарыў, ислеп шығыў ҳәм қолланыў системасын жетилистириў;

транспорт ҳәм жол-транспорт инфраструктурасы, сондай-ақ, автомобиль тоқтаў орынларын раўажландырыў тараўында қала бағдарламаларын ислеп шығыў;

қала жолаўшы транспорты ис жүргизиўиниң исенимлилигин, қәўипсизлигин ҳәм қолайлылығын арттырыў;

жоллар, жол объектлери ҳәм жол-транспорт қурылмаларынан пайдаланыўдың нәтийжелилигин тәмийинлеў ушын жол-ҳәрекетин шөлкемлестириўдиң қәўипсиз ҳәм нәтийжели бағдарламаларын және сызылмаларын, соның ишинде, жол ҳәрекетин тәртипке салыў системаларын, заманагөй интеллектуаллық мәлимлеме-коммуникация системаларын режелестириў, жойбарлаў ҳәм енгизиў;

Ташкент қаласы шөлкемлери, соның ишинде, коммуналлық ҳәм эксплуатация шөлкемлериниң жол-транспорт инфраструктурасын ҳәм жол объектлерин қурыў ҳәм олардан пайдаланыў тараўындағы жумысын шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый түрин ҳәм мәкемелик бойсыныўына қарамастан, муўапықластырыў.

  1. Төмендегилер:

Ташкент қаласы ҳәкиминиң капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммуналлық хожалық мәселелери бойынша биринши орынбасары лаўазымы сапластырылып, Ташкент қаласы ҳәкиминиң архитектура, капитал қурылыс ҳәм коммуникацияларды раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбсары лаўазымы;

Ташкент қаласы турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў бас басқармасының баслығы лаўазымы сапластырылып, Ташкент қаласы ҳәкиминиң орынбасары – Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў бас басқармасы баслығы лаўазымы;

Ташкент қаласы ҳәкиминиң орынбасары – Ташкент қалалық каналлардан пайдаланыў ҳәм оларға тутас аймақларды абаданластырыў басқармасы баслығы лаўазымы;

Ташкент қаласы ҳәкими аппарат басшысы лаўазымы енгизилсин.

  1. Ташкент қаласы ҳәкими ҳәм районлар ҳәкимлериниң 1- ҳәм 2-қосымшаларға муўапық үлги структураларына тийкарланып тийисли аймақта атқарыў ҳәкимиятына басшылық ететуғыны;

Ташкент қаласы ҳәм районлық халық депутатлары Кеңеслери жумысының шөлкемлестириў, қаржылық, материаллық-техникалық ҳәм басқа да тәмийнаты ҳәм олардың усы Пәрманға муўапық шөлкемлестирилетуғын секретариатлары тәрепинен, ҳәкимлер ҳәм олардың орынбасарларының тәмийнаты болса – тийисли ҳәким аппараты тәрепинен әмелге асырылатуғыны;

Ташкент қаласы транспорт ҳәм жол-транспорт инфраструктурасын раўажландырыў департаменти Ташкент қаласы ҳәкимине бойсынатуғыны;

Ташкент қаласы каналлардан пайдаланыў ҳәм оларға тутас аймақларды абаданластырыў басқармасы, сондай-ақ, Ташкент қаласы транспорт ҳәм жол-транспорт инфраструктурасын раўажландырыў департаментиниң штат бирликлери Ташкент қаласы ҳәкими тәрепинен белгиленетуғыны;

Өзбекстан Республикасы республикалық бюджет ҳәм Ташкент қаласы бюджети арасында бөлистирилген салықлардың тастыйықланған параметрлеринен артық орынланған суммасының Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетине тийисли бөлеги Ташкент қаласы жергиликли бюджетине өткерилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Төмендегилер:

Ташкент қаласы ҳәкими ҳәм оның орынбасарларының қатнасыўындағы аймақлық уйымлараралық коллегиал уйымлар (комиссиялар, кеңеслер) олардың ўазыйпа ҳәм функцияларын 3-қосымшаға муўапық ўәкилликли уйымларға өткерген ҳалда;

Ташкент қаласы ҳәкимлиги жанындағы  мәмлекетлик унитар кәрханалар 4-қосымшаға муўапық орнатылған тәртипте сапластырылсын.

  1. Ташкент қаласы ҳәм районлық халық депутатлары Кеңеслерине:

жергиликли бюджет қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын ҳәм депутатлар арасынан болған халық депутатлары Кеңеси хаткери басшылық ететуғын турақлы тийкарда жумыс алып баратуғын халық депутатлары Кеңеси секретариатын шөлкемлестириў, сондай-ақ, оның структурасын тастыйықлаў;

жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының жумысы үстинен депутатлық, жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў бойынша, соның ишинде, ҳәкимлер ҳәм мәмлекетлик басқарыў аймақлық уйымларының жумысын системалы ҳәм сын көзқарастан таллаў бойынша халық депутатлары Кеңесиниң ҳәр айлық ис режелерин тастыйықлаў ҳәм орынлаў арқалы жумысларды күшейтиў усыныс етилсин.

  1. Төмендегилерге:

а) халық депутатлары Ташкент қаласы Кеңесине:

жергиликли бюджетлер дәраматлары прогнозын артығына орынлаўдың есабынан халық депутатлары Кеңеслери секретариатлары хызметкерлериниң жумысын баҳалаўдың нәтийжесине бола, олардың лаўазымлық айлықларына лаўазым айлығының 200 процентине шекемги муғдарда үстеме белгилеў;

Ташкент қаласы бюджети қаржылараның есабынан оның резерв қоры муғдары шеңберинде ҳәм Өзбекстан Республикасы Финанс министрлигин кейин ала хабардар еткен ҳалда Ташкент қаласы атынан юридикалық ҳәм физикалық шахслардың пайдасына кепил болыў ҳәм кепиллик бериў;

б) Ташкент қаласы ҳәм районлар ҳәкимлерине жергиликли бюджетлер дәраматлары прогнозын арттырып барыўдың есабынан Ташкент қаласы ҳәкими ҳәм районлар ҳәкимлери аппараты, сондай-ақ, мәмлекетлик басқарыў аймақлық уйымлары хызметкерлери жумысын баҳалаў нәтийжелерине бола олардың лаўазымлық айлықларына лаўазымлық айлығының 200 процентине шекемги муғдарында үстеме белгилеў ҳуқықы берилсин.

  1. Ташкент қаласы аймағында 2018-жыл 1-октябрьден төмендегилер әмелге енгизилсин:

Өзбекстан Республикасы республикалық бюджет ҳәм Ташкент қаласы бюджети арасында қайта бөлистирилетуғын айрықша түрдеги түсимлер бойынша ажыратпалар 5-қосымшаға муўапық;

районлардың бюджетлери дәраматларына толық көлемде киргизилетуғын қосымша түсимлер 6-қосымшаға муўапық.

  1. Ташкент қаласының басқарыў системасын түп-тийкарынан реформалаў бойынша «жол картасы» (кейинги орынларда – «жол картасы») 7-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Төмендегилерге:

Өзбекстан Республикасы Президенти аппаратының Реформаларды ҳуқықый тәмийинлеў ҳәм жумысын муўапықластырыў хызметине «жол картасы»нда нәзерде тутылған илажлардың әмелге асырылыўы  үстинен қадағалаў ҳәм мониторингин әмелге асырыў;

Ташкент қаласы ҳәкими, министрлик ҳәм ведомстволар басшыларына «жол картасы»нда нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында ҳәм  сапалы әмелге асырылыўы ушын жеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. Ташкент қаласы ҳәкими 2018-жыл 1-октябрьге шекемги мүддетте Ташкент қаласының бас режесиниң концепциясын ҳәм Ташкент қаласының бас режесиниң жойбарларын ислеп шығыў бойынша халықаралық таңлаў өткерилиўин тәмийинлесин.

Ташкент қаласының бас режесиниң концепциясын ҳәм Ташкент қаласының бас режесиниң жойбарларын ислеп шығыў бойынша буйыртпашы  функциясы Ташкент қаласы ҳәкими аппаратына жүкленсин.

  1. Төмендегилер Ташкент қаласының бас режесиниң концепциясы ҳәм Ташкент қаласының бас режесиниң жойбарларын ислеп шығыўдың қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:

Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджет қаржылары;

исбилерменлик субъектлериниң мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлеринде тартылатуғын қаржылары.

  1. Ташкент қаласы ҳәкими:

2019-жыл 1-январьға шекем Ташкент қаласының бас режесиниң концепциясын тастыйықлаў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының жойбарын;

2019-жыл 1-декабрьге шекем тастыйықланған Ташкент қаласының бас режеси концепциясы тийкарында Ташкент қаласының бас режесин  тастыйықлаў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. 15. Министрликлер ҳәм уйымлар Ташкент қаласы ҳәкими аппаратына Ташкент қаласының бас режеси концепциясын ҳәм Ташкент қаласының бас режеси жойбарларын ислеп шығыўға көмеклессин, өз ўәкилликлери шеңберинде бул ҳүжжетлердиң өз ўақтында ҳәм сапалы ислеп шығылыўы ушын зәрүр болған материаллар менен тәмийинлесин.
  2. 16. Ташкент қаласының бас режеси тастыйықланғанға шекем ҳәм пайтахтты архитектуралық жақтан раўажландырыўдың перспективалары анық белгиленгенге шекем:

Ташкент қаласының ески қала бөлегинде бузыў, реконструкциялаў ҳәм капитал қурылыс бойынша жумысларды алып барыў қадаған етилетуғыны;

Ташкент қаласының басқа районларында жаңа турақ жай мәселелерин қурыўда социаллық объектлерди комплесли орналастырыў ҳәм инженерлик-коммуникация тармақларын кеңейтиў мәжбүрий тәртипте нәзерде тутылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. 17. Ташкент қаласы ҳәкимине Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги тәрепинен мақулланған ямаса ислеп шығылған рентабельли инвестициялық жойбарларға халықтың бос қаржыларын Ташкент қаласының облигациялары, ямаса жаңадан шөлкемлестирилип атырған хожалық жәмийетлериниң акциялары тәризинде баҳалы қағазларды шығарыў арқалы тартыўға рухсат берилсин.

Өзбекстан Республикасы Финанс министрлиги ҳәм Мәмлекетлик бәсеки комитети жанындағы Қымбатлы қағазлар базарын муўапықластырыў ҳәм раўажландырыў орайы Ташкент қаласы ҳәкимине қымбатлы қағазларды шығарыў және орналастырыўда жәрдемлессин.

  1. 18. Ташкент қаласы ҳәкими, Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги және Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң:

«Бирден-бир буйырпашы хызмети» ИК, «Капитал қурылыс басқармасы», «Ташкент турақ жай қурылыс басқармасы» ҳәм «Материаллық-техникалық тәмийнат басқармасы» мәмлекетлик унитар кәрханалары тийкарында мәмлекетлик унитар кәрханасы тәризиндеги «Ташкент қурылыс инвест» инжиниринг компаниясын шөлкемлестириў және оны Ташкент қаласы аймағында орайласқан қаржыландырыў дәреклери есабынан объектлерди қурыў, реконструкциялаў ҳәм капитал оңлаўды жетилистириў бойынша бирден-бир буйыртпашы сыпатында белгилеў;

«Админстративлик имаратлардан пайдаланыў департаменти» мәмлекетлик унитар кәрханасы түриндеги Муниципал активлерди басқарыў орайын шөлкемлестириў және оған муниципиал мүлкти соның ишинде, муниципиал мүлк есапланған мәмлекетлик кәрханалар ҳәм хожалық жәмийетлери устав фондындағы үлеслерди нәтийжели басқарыў ўазыйпаларын жүклеў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

Ташкент қаласы ҳәкими муниципал активлерди басқарыў ҳәм оларды ижараға бериўден түсетуғын дәраматлардың бир бөлегин Ташкент қаласы ҳәкими аппаратының жумысын материаллық-техникалық тәмийинлеў ҳәм оның хызметкерлерин материаллық хошаметлеў ушын жумсаўға рухсат берилсин.

  1. 19. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық сыртқы реклама объектлериниң қурылмаларын орналастырыў ушын берилетуғын аймақлардың дизимлерин қәлиплестириў Ташкент қаласы қурылыс бас басқармасы тәрепинен ишки ислер уйымлары ҳәм Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бәсеки комитетиниң аймақлық бөлимлери менен биргеликте әмелге асырылады.

Рухсатнама бериўден түсетуғын барлық қаржылар электрон аукцион саўдаларын өткериў қәрежетлерин шегирип таслаған ҳалда Ташкент қаласы районларының бюджетлерине қаратылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. 2 Ташкент қаласы ҳәкими реал ўақыт режиминде төмендеги имканиятларды беретуғын Ташкент қаласы ҳәм районлар ҳәкимлери аппаратының интерактив порталларын жаратыўды тәмийинлесин:

а) пуқаралардан жергиликли бюджеттиң белгили бир бөлегин, соның ишинде, Ташкент қаласын абаданластырыў ҳәм абаданлығын арттырыў қорының қаржыларын, Ташкент қаласы облигацияларын шығарыў есабынан тартылып атырған қаржыларды ең көп даўыс алған мақсетлерге қаратыў бойынша усыныслар алыў;

б) жергиликли бюджетке түсимлерди бақлаў, сондай-ақ, әмелге асырылып атырған илажларды ҳәм оларға жумсалған қәрежетлердиң ашық-айдынлығын тәмийинлеген ҳалда дизимге алыў арқалы олардың жумсалыўын мониторинг етиў;

в) Ташкент қаласы ҳәм районлар ҳәкимлери аппаратларының тийисли аймақ халқы менен төмендегилер арқалы бирге ислесиўин әмелге асырыў:

пайтахт халқынан турақ жай коммуналлық, транспорт ҳәм басқа да инфраструктураны жетилистириў, аймақларды абаданластырыў мәселелери бойынша усынысларды қабыл етиў;

ҳәкимлер ҳәм ҳәким аппараты хызметкерлериниң пайтахт халқының пикир-усынысларына оператив жуўап бериў;

пайтахт халқының пикир-усынысларының орынланыўын қадағалаў;

Ташкент қаласында арзан турақ жайға мүтәж шахслардың гезегин ҳәм дизимин ашық-айдын қәлиплестириў;

аймақларды раўажландырыў, объектлерди қурыў ҳәм реконструкциялаў бағдарламаларын орналастырыў, исбилерменлик субъектлериниң усынысларын қабыл етиў;

пайтахт халқының даўыс бериўи жуўмақлары бойынша районлар ҳәкимлери ҳәм аймақлық мәмлекетлик басқарыў уйымларының рейтингин анықлаў.

  1. 21. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатына:

халық депутатлары Ташкент қаласы ҳәм районлық Кеңеслерине Ташкент қаласы ҳәм районлараралық атқарыў ҳәкимияты уйымлары жумысының үстинен нәтийжели депутатлық қадағалаўды шөлкемлестириўге ҳәм әмелге асырыўға көмеклесиў;

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатына көрип шығыў ушын киргизилип атырған мәселелерди халық депутатлары Кеңеслери мәжилислеринде додалаў әмелиятын енгизиў;

халық депутатлары Кеңеслери мүрәжатлары бойынша аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў мәселелерин өз мәжилислеринде көрип шығыў усыныс етилсин.

  1. 22. Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы ҳәм ишки ислер министрлиги бир ай мүддетте Ташкент қаласында каналлардан пайдаланыў ҳәм оларға тутас аймақларды абаданластырыў тараўында нызамшылыққа әмел етиў ҳәм ҳуқық қорғаўды тәмийинлеў ушын жуўапкер бөлимлерди белгилеў бойынша усыныслар киргизсин.
  2. 24. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги үш ай мүддетте:

мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына тийисли болмаған ҳәм бирин-бири тәкирарлайтуғын функцияларды анықлаў көзқарасынан нызам ҳүжжетлерин хатлаўдан өткерсин, нәтийжеси бойынша оларды оптималластырыўға  усыныслар киргизсин;

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бәсеки комитети, Финанс министрлиги, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары менен биргеликте көпшиликтиң мүлкин республикалық ҳәм муниципал мүлкке анық ажыратыў бойынша усыныслар киргизсин;

жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысын жетилистириў, сондай-ақ, тәртипке салыў бойынша нызам ҳүжжетлерине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ушын усыныслар киргизсин.

  1. 25. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:

2018-жыл 1-декабрьге шекемги мүддетте халықаралық тәжирийбени есапқа ала отырып Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына «Өзбекстан Республикасы пайтахтының статусы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамының жойбарын киргизсин;

Ташкент қаласында өткерилген ҳуқықый эксперименттиң жуўмақлары менен 2019-жыл 1-июльге шекемги мүддетте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамының жаңа редакциядағы жойбарын киргизсин.

  1. 26. Өзбекстан Республикасы Финанс министрлиги усы Пәрманға муўапық Өзбекстан Республикасы республикалық бюджети ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджет параметрлерине өзгерислер киргизсин.
  2. 27. Өзбекстан Республикасы Есап палатасы ҳәм Қаржы министрлигиниң мәмлекетлик финанс қадағалаўы бас басқармасы усы Пәрман талапларының орынланыўында жергиликли бюджет қаржыларынан мақсетли пайдаланыў үстинен системалы түрде қадағалаўды әмелге асырсын.
  3. 28. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа ҳәм Ташкент қаласы ҳәкими ўазыйпасын атқарыўшы Ж.А.Артикходжаевқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 17-август