Өзбекстан Республикасы Президентиниң

 пәрманы

 

Халқымыздың руўхый турмысында айрықша орын ийелейтуғын, муқаддес ислам дининиң ийгиликли идеяларын айқын сәўлелендиретуғын  байрамымыз Қурбан ҳайытын мүнәсип белгилеў, жәмийетимизде адамгершилик, өз-ара ҳүрмет, мийрим-шәпәәт, сақаўат ҳәм шүкираналық сезимлерин күшейтиў, жасларымызда жақсы пазыйлетлерди жетилистириў мақсетинде:

  1. Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң 2018-жыл Қурбан ҳайытының биринши күни 21-август шийшемби күнине туўра келиўи ҳаққында қабыл еткен қарарын есапқа алып және Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 28-декабрьдеги «2018-жылы рәсмий сәнелерди белгилеў дәўиринде қосымша жумыс исленбейтуғын күнлерди белгилеў ҳәм дем алыс күнлерин көшириў ҳаққында»ғы ПП-5290-санлы Пәрманына муўапық 2018-жыл 21-23-август күнлери – Қурбан ҳайытының биринши үш күни елимизде байрам сыпатында кеңнен белгиленсин.

 

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Өзбекстан ветеранларының социаллық жумысын қоллап-қуўатлаў «Нураний» қоры, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша Республикалық кеңеси ҳәм басқа да жәмийетлик шөлкемлер менен биргеликте Қурбан ҳайытының орынларда жоқары дәрежеде, халқымыздың миллий ҳәм диний қәдириятларына сай түрде өтиўи ушын тийисли илажларды әмелге асырсын.

 

  1. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Қурбан ҳайытын белгилеўге байланыслы илажларды кең түрде сәўлелендириў усыныс етилсин.

        

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 28-декабрьдеги «2018-жылы рәсмий сәнелерди белгилеў дәўиринде қосымша жумыс исленбейтуғын күнлерди белгилеў ҳәм дем алыс күнлерин көшириў ҳаққында»ғы ПП-5290-санлы Пәрманы 2-бәнтиниң алтыншы абзацындағы «24-август – жумаға» сөзлери «22-август – сәршембиге» сөзлери менен алмастырылсын.

 

5.Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                        Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 16-август