Соңғы жыллары Өзбекстанда халықтың социаллық қорғаў системасын жетилистириў мақсетинде бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Соның ишинде, быйылғы жылы мәмлекетимиздеги 208 район ҳәм қалада «Инсан» орайлары ҳәм мәҳәллелерде социаллық хызметлер жумысы жолға қойылды. Бул илажлар шнңберинде 12 категориядағы социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлар ушын 100 ден артық хызмет көрсетиў системасы жаратылды.

Жалғыз яки жеке жалғыз шахсларды қоллап-қуўатлаў ушын реестр шөлкемлестирилип, оған 2 мың 429 шахс киргизилди. Оларға төлемли социалық хызметлер шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, 10 мың 169 майыплығы бар шахслар ушын медицианлық-социаллық экспертиза арқалы майыплық топарлары анықланды.

Майыплығы бар шахсларды қоллап-қуўатлаў системасы жетилистирилип, олар ушын 30 түрдеги протез-ортопедия қурылмалары ҳәм реабилитация қураллары бериледи.

Электрон саўда майданшалары арқалы 85 мыңнан аслам шахсларға ваучерлер тарқатылып, олардың көпшилиги буйыртпа етилген қуралларды алыў имканиятына ийе болды. 2021-жылдан берли ҳәзирги күнге шекем жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған қалған 2 мың 490 бала мәмлекет тәрепинен турақ жай менен тәмийинленди.

Социаллық напақаларды бөлистириў системасы санластырылып, 1,7 миллионнан аслам шаңараққа онлайн режимде напақа тайынлаў имканияты жаратылды.

Кем тәмийинленген шаңарақлар ушын автоматик есаплаў системасы жолға қойылды, бул напақа ажыратыў процесин сезилерли дәрежеде жеңиллетти.

Ш.Маматуропова,  ӨзА