Ҳәзирги ўақытта Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси өз жумысын баслады.

Мәжилисти кирис сөзи менен ашқан Нызамшылық палатасы Спикери Н.Исмоилов Президентимиздиң басшылығында әҳмийетли тараў ҳәм тармақларды раўажландырыў перспективалары бойынша өткерилген бир қатар илажларға тоқтап, белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын қадағалаўда депутатлар алдында әҳмийетли ўазыйпалар  турғанын атап өтти:

– Быйылғы жылдың  13-декабрь күни мәмлекетимиз Президентиниң басшылығында  социаллық қорғаў тараўындағы жумыслардың нәтийжелилигин ҳәм 2025-жыл ушын тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди. Мәжилисте тараўда әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар  терең  талланды, келешекте әмелге асырылатуғын анық илажлар белгилеп берилди.

Мәмлекетимиз басшысы социаллық қорғаў системасын күшейтиўге  байланыслы жаңа басламаларды алға қойды. Бул басламалар халықтың әззи қатламларының қорғалыўын және де күшейтиў, майыплығы барларға сай инфраструктура жаратыў, оларды  жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм билим алыў ушын имканиятларды кеңейтиўге қаратылғаны менен  де айрықша әҳмийетке ийе.

Соның ишинде, келеси жылы 1 миллион 200 мың халықты кәмбағаллықтан шығарыў ушын билимлендириў, дөгерек, кәсип-өнер, медицина мәселелери шешиледи ҳәм жасаў шараяты жақсыланады. Кәмбағаллық жоқары мың  мәҳәлледе және биреўден шаңарақлық бақша жумысы жолға қойылады. Жаңа жылдан шаңарақлық бақша орынларының 15 процентине кәмбағал шаңарақтың перзентлери қабыл етиледи ҳәм бақша  төлеми қаплап берилетуғыны белгиленди. Кәмбағал шаңарақтың перзентлериниң оқыўы ушын қосымша имканиятлар жаратылады, атап айтқанда, 118 мың жасты шет тили, мәлимлеме технологиялары ҳәм кәсип-өнерге оқытыў нәзерде тутылмақта.

Улыўма айтқанда, социаллық қорғаў системасы бағдарындағы ўазыйпалардың турмысқа енгизилиўи социаллық қорғаў системасының анық ҳәм нәтийжели  ислеўине, жәрдемге  мүтәж халықтың турмыс дәрежесин арттырыўға ҳәм жәмийетте социаллық әдиллик ҳәм теңлик болыўына хызмет ететуғыны гүмансыз.

Күни кеше  мәмлекетимиз Президентиниң басшылығында және бир әҳмийетли мәселе –  банклердиң қатнасыўында мәҳәллелерде халықтың бәнтилигин тәмийинлеў  ҳәм дәраматлы етиўге қаратылған тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша  видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Мәҳәллелер, аўыллар, халықтың шаңарақларында исбилерменликти раўажландырыўға банклер тәрепинен көрсетилип атырған жәрдемниң нәтийжесинде көплеген халық жумыслы, дәраматлы болып атырғанын атап өтиў керек. Мәселен,   тек ғана Сырдәрья ўәлаяты Сайхунабад районындағы 3 мың 200 шаңарақта жойбарлар иске қосылған, 12 мың адам өзиниң қыйтақ жеринде  дәрамат табыўды үйренген.

Банклер бул бағдардағы унамлы тәжирийбелерди кеңейтип, халыққа жәрдем болыўы зәрүр екенлиги атап өтилди. Мәмлекетимиз басшысы 2025-жылды бәнтликти тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты азайтыўда ең әҳмийетли ҳәм шешиўши жыл болатуғынын айрықша атап өтти.

Мәжилисте  бул бағдардағы жаңа имканиятлар ҳәм режелер ҳәр тәреплеме көрип шығылды. Соның ишинде, банклер, шаңарақлық исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде кредит алып, дәраматлы бизнеске ийе болған қарыйдарларды қоллап-қуўатлап, киши ҳәм орта бизнес дәрежесине алып шығыў, ҳәм инвестиция алып келетуғын, ҳәм көп жумыс орнын жараттатуғын стартап жойбарларды  қоллап-қуўтлайтуғыны белгиленди.

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен көтерилген және бир әҳмийетли мәселе – кредит қарызы есабынан гиреўди суд арқалы өндириўге көп ўақыт кетип атырғаны болды. Бул бағдардағы нызамшылықты өзгертиў, онда гиреўге банк ҳуқықларының үстинлигин ҳәм өндириўге қаратылған мүлклер тезирек  сатылыўын нәзерде тутыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Президентимиз тәрепинен алға қойған басламалар ҳәм белгилеп берилген ўазыйпалар өз ўақтында әмелге асырылыўы парламент ағзаларына да өзине тән жуўапкершилик жүклейди. Бәринен бурын, бул бағдардағы жумысларды нәтийжели шөлкемлестириўди  нәзерде тутатуғын илажларды келеси жылғы жумыс режелеримизге киргизиўимиз керек болады. Депутатларымыз мәжилислерде белгиленген ўазыйпалардың орынларда  орынланыўы үстинен жәмийетлик ҳәм депутатлық қадағалаўды әмелге асырыўы зәрүр, – деди Спикер.

Муҳтарама Комилова, ӨзА