Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен Мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң ишки аудит хызмети хызметкерлери жумысының нәтийжелилигин баҳалаў тәриби ҳаққындағы реже мәмлекетлик дизимнен өткерилди.
Режеде ишки аудит хызмети шөлкемлестирилген министрликлер менен уйымлар, Қарақалпақстан Республикасы Минристрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң ишки аудит хызметлериниң басшысы ҳәм хызметкер жумысының нәтийжелилигин ең әҳмийетли көрсеткишлер тийкарында баҳалаў, оларды хошаметлеў ҳәм рейтингин жүргизиў тәртиби белгиленди.
Ишки аудит хызметлери хызметкери жумысының ең әҳмийетли нәтийжелилик көрсеткишлери етип бюджет ҳаққындағы нызамшылықтың бузылыўы жағдайларының алдын алыў алыўдағы нәтийжелери, аралық қадағалаўды әмелге асырыўдағы нәтийжелери, ишки аудит жыллық режесинде хызметкер жуўапкер болған ишки аудит илажларының өткерилиўи ҳәм хызметкер тәрепинен берилген усыныслардың ишки аудит объектлери тәрепинен орынланыўы белгиленди.
Хызметкер жумысының нәтийжелилигиниң көрсеткишлерин есаплаў нәтийжелери ҳәр шерек есабат дәўиринен кейинги айдың 5-сәнесине шекем белгиленген түрде баҳалаў системасын енгизиў ҳәм ислеўин мониторинглаў бойынша жуўапкер қурамалы структураға киргизиледи.
Мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлер тәрепинен Экономика ҳәм қаржы министрлигине хызметкер жумысының нәимйжелилиги жыйналған көрсеткишлери ҳәм оның баҳаланыўы бойынша мағлыўматлар есабат шерегинен кейинги айдың 20-сәнесине шекем усыныс етиледи.
Н.Абдураимова, ӨзА