Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Танзила Норбоева Европа Аўқамының Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили Терхи Хакала менен ушырасты.

Ушырасыў даўамында соңғы жыллары турақлы раўажланып атырған ҳәм бирге ислесиўдиң жаңа басқышына көтерилген Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы қатнасықларды беккемлеў мәселелери додаланды.

Парламентлераралық бирге ислесиў, инсан ҳуқықларын қорғаў, қәўипсизликти тәмийинлеў, қоршаған орталықты қорғаў, гендер теңлигин алға қойыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Ушырасыўда тәреплер ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм имканиятларын, соның менен бир қатарда, Орайлық Азия жетекши ҳаял-қызларының қарым-қатнасы регионаллық платформасы шеңбериндеги бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерин додалады. Тәжирийбе алмасыў ҳәм регионда гендер теңликти үгит-нәсиятлаў ушын халықаралық платформа ўазыйпасын атқарып атырған Азия ҳаял-қызлар форумының әҳмийетли атап өтилди.

Өзбекстанның Европа Аўқамының GSP+ бағдарламасына киргизилиўи әмелий бирге ислесиўдиң әҳмийетли нәтийжелеринен бири болғаны ҳәм бул мәмлекетимизге дүньяның ең ири базарларына шығыў имканиятын бергени атап өтилди.

Өзбекстанның GSP+ бағдарламасына киргизилгени шеңберинде инсан ҳәм мийнет ҳуқықларын қорғаў, қоршаған орталық, климатты қорғаў ҳәм нәтийжели басқарыўды тәмийинлеўге байланыслы 27 әҳмийетли халықаралық конвенцияны нәтийжели әмелге асырыў бойынша миннетлемелер додаланып атырғаны айрықша атап өтилди. Усы миннетлемелердиң орынланыўы Европа Аўқамы менен саўда-экономикалық бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм Өзбекстанның халықаралық базарларға интеграцияласыўы ушын жаңа имканиятлар жаратады.

Тәреплер Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Европа Аўқамы арасындағы қатнасықларды беккемлеў, турақлылық ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеў ушын регионаллық бирге ислесиў әҳмийетли екенин атап өтти.

Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы бирге ислесиўди және де тереңлестириўге қаратылған режелерди әмелге асырыў бойынша жедел байланыс алып барыў ҳәм биргеликтеги жумысларды даўам еттириў ҳаққында келисимге ерисилди.

Н.Абдураимова, ӨзА