Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри Қ.Азербаев пенен сәўбет.

-Пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша министрлик тәрепинен қандай жумыслар әмелге асырылып атыр?

-Халықты дәраматлы мийнет пенен тәмийинлеў, мийнет базарын реформалаў, бәнтликтиң заманагөй түрлерин енгизиў арқалы  «Пуқараларды жумыс пенен бәнт етиў тараўында алып барылып атырған жумыслар ҳәм «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасы тийкарында Президентимиздиң 2024-жыл 9-февралдағы «Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўдиң қосымша илажлары ҳаққында» ғы қарары талапларын орынлаў бойынша  халықты турақлы, ўақтынша ҳәм мәўсимлик жумысларға бәнт етиўдиң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм оны орынлаў механизми анық көрсетилип берилди. Усы тийкарында 2024-жылда 120 мыӊ 733 пуқараның бәнтлигин тәмийинлеў, соннан 58 мыӊнан аслам пуқараны турақлы жумысларға бәнт етиў ўазыйпасы жүкленди. Атап айтқанда, аўылхожалығы тараўында 65,2 мыӊ, хызметлер тараўын раўажландырыў есабынан 41,5 мыӊ, инвестиция жойбарларын иске түсириў есабынан 9,3 мыӊ, қурылыс тараўында 4,2 мыӊ жаӊа жумыс орынларын жаратыў белгиленген.

Быйылғы жылда республика бойынша бәнтлик бағдарламасының орынланыўын өз ўақтында сапалы әмелге асырыў мақсетинде Халық депутатлары район (қала)лық Кеңеслери тәрепинен айма-ай прогноз параметрлери тастыйықланды.

Бағдарламаның орынланыўы бойынша район (қала) ҳәкимликлеринде штаблардың жумысы жолға қойылды. Атап айтқанда, бағдарлама шеңберинде шөлкемлестирилген жумыс орынлары ҳәм бәнт болған халықты онлайн режимде бақлап барыў мақсетинде тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың электрон мағлыўматлар базасына интеграцияланған, “yangiish.mehnat.uz” электрон платформасы иске түсирилди. Бунда, тек ғана салық уйымлары арқалы социаллық салық төлеген шахслар есапқа алынатуғынлығы белгиленди. Усы жылдың өткен 10 ай даўамында “yangiish.mehnat.uz” электрон платформасына киргизилген мағлыўматлар тийкарында 123 мыӊ 708 пуқараның турақлы, мәўсимлик ҳәм ўақтынша жумысларда 55 299 пуқараның бәнтлиги тәмийинленди.

Жөнелислер кесиминде айтатуғын болсақ, Хызметлер тараўын раўажландырыў есабынан турақлы жумысларда жәми 57 мың 387 пуқара бәнт болып, жыллық реже толық орынланды.

Соннан, қаржы, байланыс, транспорт, аўыл хожалығы, мийманхана ҳәм туризм, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, улыўма аўқатланыў, саўда ҳәм басқада хызметлерди көрсетиў есабынан 6,3 мың, хызметлер тараўында өзин-өзи бәнт етиў арқалы 32,3 мың, хызметлер тараўында нарәсмий жумыс орынларын рәсмий секторға өткериў арқалы 18,8 мың пуқара  бәнт етилди.

Аўыл хожалығы бағдарында 59 мың 245 пуқараның турақлы ҳәм мәўсимлик жумысларда бәнтлиги тәмийинленди.

Соннан, агрокластерлерде 469 пуқара, фермер хожалықларда 16,5 мың, дийқан хожалығы ушын жер ажыратыў есабынан 8,7 мың, тәкирар егин егиў ушын жер ажыратыў есабынан 7,1 мың, қыйтақ жерлерде бәнтлиги тәмийинленгенлер 21,3 мың, пиллешилик тараўында 3,8 мың ҳәм суў хожалығы обектлериниң қорғаў зонасы әтирапындағы жерлер есабынан 1,4 мыӊ пуқараның бәнтлиги тәмийинленген.

Қурылыс тараўында 4408 пуқара турақлы ҳәм ўақтынша жумысларда бәнтлиги тәмийинленип, соннан, турақ жайлар қурылысында 2,5 мың, санаат кәрханалары қурылысында 881 пуқара, социаллық объектлер қурылысында 973 пуқара, автомобиль жоллары қурылысында 77 пуқараның бәнтлиги тәмийинленди.

Инвестициялық жойбарларды иске түсириў есабынан 2 мың 668 жумыс орны шөлкемлестирилип, соннан, ири инвестициялық жойбарларды иске түсириў есабынан 36 жумыс орны, аймақлық инвестициялық жойбарларды иске түсириў есабынан 2,6 мың пуқараның бәнтлиги тәмийинлеўге ерисилди.

-Халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде анық нәтийжелерге қалай ерисилмекте?

-Жоқары нәтийжелерге ерисиўде тийкарынан коммерциялық банклер тәрепинен өткен дәўирде “Шаңарақлық исбилерменлик бағдарлама”лары шеңберинде 476,9 млрд сумлық, “Киши бизнести үзликсиз қоллап-қуўатлаў” комплекс бағдарламасы тийкарында 280 млрд сумлық кредит қаржылары ажыратылған. Сондай-ақ, Ҳүрметли Президентимиздиӊ Сайхунабад ҳәм Үйши районларында сапары даўамында берген тапсырмалары тийкарында мәҳәллелерде қыйтақ жерден пайдаланыў бойынша үлгили шаңарақларды шөлкемлестириў арқалы халықтың дәраматларын арттырыў белгилеп берилди. Соныӊ менен бирге, Зарбдар ҳәм Ғыждуўан тәжрийбелери тийкарында халықтыӊ бәнтлиги тәмийинленбекте. Өткен дәўирде Сайхунабад, Үйши, Зарбдар ҳәм Ғыждуўан тәжрийбелери тийкарында республика бойынша жәми 34 496 жумыс орынлары жаратылған. Соннан, Сайхунабад тәжрийбеси есабынан 10692 жумыс орны (соннан, микрожойбарлар есабынан 7 687 жумыс орны, дийқан хожалықлары есабынан 3 005 жумыс орны), Уйчи тәжирийбеси есабынан 22 135 жумыс орны, Зарбдар тәжрийбеси есабынан 1 669 жумыс орынлары жаратылған.

Министрлигимиздиң ең тийкарғы ўазыйпаларынан бири бул-халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм сол арқалы кәмбағаллықты қысқартыў болып есапланады. Усы жылдыӊ өткен дәўиринде қала ҳәм районлық Бәнтлик уйымлары тәрепинен 34 мыңнан аслам жумыссыз пуқараларды кәрхана ҳәм шөлкемлердеги бос ҳәм резервленген жумыс орынларына жумысқа жайластырылды.

Бүгинги күнде республика бойынша жәми 2 649 бос (вакант) жумыс орынлары бар екенлиги анықланған. Соннан, мәмлекетлик мәкемелерде 2128 жумыс орны, жеке меншик кәрханаларда 521 жумыс орнын қурайды.

Ҳәким жәрдемшилери мәҳәлледеги жумыссызлардыӊ өз қәлеўлери ҳәм мийнет базарындағы талаптан келип шығып, кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқыўға қамтып алмақта. Атап айтқанда, өткен айлар даўамында 12 мың 924 жумыссызлар ҳәм мектеп питкериўшилери кәсип-өнер ҳәм исбилерменлик көнликпелерине оқыўға қамтып алынды. 6 мың 544 пуқара ҳақ төленетуғын жәмийетлик жумысларға қамтып алынды ҳәм олардың мийнет ҳақысы ушын 6,3 млрд  сум қаржы төлеп берилди.

Сондай-ақ, 3 мың 687 жумыссыз пуқараларға, әсиресе, кәмбағал шаңарақ ағзаларының исбилерменлик, үй мийнети (касанашылық), өнерментшилик жумысын раўажландырыў арқалы 22,9 млрд сумлық субсидиялар ажыратылды.

Атап айтқанда, 2 713 пуқараға 18,1 млрд. сумлық субсидия кепсерлеў аппараты, нан ҳәм хот-дог писириў печьи, инкубатор, шаштәрезлик үскенелери, компьютер топламы, тигиўшилик машинасы, ағаш усташылық ҳәм басқада мийнет қураллары сатып алып берилди.

Сондай-ақ,  халықтың мийнет ҳуқықы ҳәм мийнетти қорғаўды тәмийинлеў бойынша усы жылдыӊ өткен айларында мәмлекетлик мийнет қадағалаў инспекциясы тәрепинен мәкеме ҳәм шөлкемлерде 728 тексериў ҳәм үйрениў жумыслары өткерилип, 4 мыӊ 398 нызам бузыўшылығы анықланған. Анықланған нызам бузылыўлары бойынша 420 жағдайда 1 млрд сумлық жәриймалар қолланылды ҳәм 168 жазба көрсетпелер берилди. Нызам бузыўшылық жағдайлары тийкарынан билимлендириў ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери (1 573), денсаўлықты сақлаў(736), аўылхожалығы(338), қурылыс(111), транспорт(65), банк ҳәм қаржы(18), сондай-ақ, басқада тараўларда жумыс алып барып атырған кәрханаларға (1 557) туўра келеди.

Усы жылдыӊ өткен дәўирынде мийнетти қорғаў ҳәм бузылған ҳуқықларын тиклеў бойынша 1 573пуқараның мүрәжатлары көрип шығылды, соннан 825 мүрәжат қанаатландырылды ҳәм 823 пуқараның бузылған мийнет ҳуқықлары тикленди. Қадағалаў илажлары нәтийжесинде 539 пуқараның жәми 2,3 млрд сумнан аслам мийнет ҳақылары өндирилип берилди.

-Алдағы режелер ҳәм  баслы ўазыйпалар нелерден ибарат?

-Жыл жуўмағына шекем бул бойынша бириншиден, Бәнтлик дәстүри тийкарында жаӊа жумыс орынларын жаратыў арқалы 16 мыӊ 269 пуқара дәраматлы мийнет пенен бәнтлигин тәмийинлеў илажлары көриледи, екиншиден, “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” дәстүри тийкарында жыл жуўмағына шекем 6 мыӊ 868 шаӊарақты кәмбағаллықтан шығарылып, кәмбағаллық дәрежесин 8,5 процентке түсириў режелестирилген, үшиншиден, кәсип-өнерге оқытылған жумыссыз пуқараларды үй мийнети (касанашылық) ҳәм өнерментшилик жөнелислеринде өзин-өзи бәнт етиў мақсетинде 1,5 мыӊнан аслам пуқараларға 5 млрд сумлық субсидия қаржылары ажыратылады. Қарақалпақстан Республикасын “Жумыссызлықтан аўлақ” аймаққа айландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша алдағы турған ўазыйпаларды толық ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеўде министрлик жәмәәти менен биргеликте барлық илажларды әмелге асырамыз.

Сәўбетлескен Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы