Бирлескен Миллетлер шөлкеми Бас Ассамблеясының 1992-жыл 14-октябрьдеги қарары менен «3-декабрь-халықаралық майыплар күни» деп жәрияланған ҳәм бул сәне пүткил дүнья жүзи бойлап кең түрде белгиленеди.

Бул күнди белгилеўден тийкарғы мақсет- ақылый ҳәм физикалық жақтан имканияты шекленген пуқараларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўдан ибарат болып табылады.

Усы сәне мүнәсибети менен Нөкис қаласындағы 1-санлы спорт мектебинде сөйлеў ҳәм еситиўинде нуқсаны бар жаслар арасында Мини-футбол бойынша Қарақалпақстан футбол ассоцияциясы кубоги ушын жарыс болып өтти.

Жарысқа Өзбекстан Гереңлер жәмийетиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими ағзаларынан дүзилген командалар ҳәм 4-санлы мектеп-интернаты оқыўшылары қатнасты.


Жарыс жуўмағында, барлық қарсыласларын жеңип шыққан «Арал» командасы Қарақалпақстан футбол ассоцияциясы кубогиниң ийесине айланды.

Финалға шекем жетип келген 4-санлы мектеп-интернатының оқыўшылары командасы екинши, «Жайҳун»  ҳәм  «Дияр»  командалары сыйлы үшинши орынларды ийелеўге миясар болды. Жарыс соңында жеңимпазлар ассоциация тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы