Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 4 профессор-оқытыўшысы «Истеъдод» қоры гранты тийкарында Англияның Норвич тил оқытыў университетинде қәнигелигин жетилистирмекте.
Институттың шет тиллери факультети инглис тили ҳәм әдебияты пәни профессор-оқытыўшылары Норвич тил оқытыў университетинде қәнигели профессор-оқытыўшылар менен бирге тәжирийбе ҳәм көнликпелер алмаспақта.
Институт халықаралық байланыслар бөлиминиң баслығы Қумар Бегниязованың хабар бериўинше, профессор-оқытыўшылардың қәнигелигин жетилистириў мақсетинде шөлкемлестирилген оқыў процеси усы жылдың 28-август сәнесине шекем даўам етеди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.