Пайтахтымыз Нөкис қаласында өткерилип атырған «Жетекшилер спартакиадасы» шеңберинде  «Зәкаўат» интеллектуаллық  турнири, шахмат, стол тенниси, гандбол спорт түрлери бойынша жарыслардың Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.

Жаслар жетекшилериниң теориялық ҳәм логикалық билимлери сыннан өткерилген «Зәкаўат» интеллектуаллық турниринде биринши орынды Тақыятас районы командасы жеңип алған болса,  екинши орын Әмиўдәрья ҳәм үшинши орын Елликқала районы жасларына несип етти.

Шахмат бойынша өткерилген беллесиўлерде болса, ерлер арасында нөкисли Азамат Бекмуратовқа тең келетуғын қарсылас табылмады.

Елликқала районы жетекшиси Санжар Жуманиязов екинши, Әмиўдәря районы жетекшиси Хуррамбек Қаландаров үшинши орынларды ийелеўге еристи.

Ал, ҳаял-қызлар арасында өткерилген жарыста кегейлиши  Назокат Нышанова бас сыйлықты жеңип алған болса, төрткүлли Муҳайё Камилова ҳәм қоңыратлы Матлуба Досжановалар сыйлы орынларға ылайық деп табылды.

Спартакиданың стол тенниси бойынша өткерилген беллесиўлери де оғада қызықлы өтип, ҳаял-қызлар арасында Кегейли районынан келген жаслар жетекшиси Зухра Қосбергенова биринши, қанлыкөлли Арыўхан Инаятова екинши ҳәм нөкисли Жанар Қожановлар үшинши орынды ийелеўге миясар болды.

Ерлер арасында өткерилген жарыста да кегейлиши жаслардан Дәўлет Хожаниязов бириншиликти қолға киргизди.

Ал, Қоңырат районы жетекшиси Айбек Ибрайымов ҳәм шоманайлы Нийетулла Өтешовлар сыйлы орынларға мүнәсип деп табылды.

Гандбол бойынша ерлер командалары арасындағы өткерилген жарыста Төрткүл районы жаслары биринши, Нөкис районы командасы екинши ҳәм шоманайлы гандболшылар үшинши орынларды ийелеўге еристи.

Өткерилген жарыслар соңында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом, медаль, кубок ҳәм  естелик саўғалар менен сыйлықланды.

 

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы