Ташкент қаласында «Ҳуқық қорғаў жумысы тараўындағы глобал шақырықлар ҳәм қәўиплер: заманагөй стратегиялар ҳәм шешимлер» темасында халықаралық конференция шөлкемлестирилди.
Өзбекстан Республикасы Ҳуқық қорғаў академиясы тәрепинен шөлкемлестирилген илажда илим ҳәм билимлендириў тараўындағы 150 ден артық миллий ҳәм сырт елли экспертлер, жетекши илимпазлар, ҳуқық қорғаў тараўының тәжирийбели хызметкерлери, изертлеўшилер қатнасты.
Илажда билимлендириў процесине инновациялық көзқарасларды кеңнен енгизиўге итибар қаратылды. Бул бағдарда бирден-бир палтформа жаратыў, заманагөй шақырықларды инабатқа алған ҳалда ҳуқық қорғаў ҳәм тергеў жумысы тараўында кадрлар таярлаў бағдарында тәжирийбе алмасыў зәрүрлиги атап өтилди. Ҳуқық қорғаў ҳәм тергеў жумысына байланыслы нызамшылық базасын жетилистириў мақсетке муўапық.
Коррупция, жынайый қаржыларды нызамластырыў, терроризмди қаржыландырыўға қарсы гүресиўде жаңа шақырық ҳәм тенденцияларды инабатқа алыў әҳмийетли екени қатнасыўшылардың дыққат орайында болды. Тергеў жумысында санлы криминалистиканың әҳмийети, ҳуқық қорғаў тараўында илим ҳәм билимлендириў, жасалма интеллектти қолланыў, адам саўдасы менен байланыслы жынаятларды тергеў үстинен прокурорлық қадағалаўдың нәтийжелилигин арттырыў мәселелери бойынша пикир алысылды.
Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры орынбасары С.Ортиқова, Инсан ҳуқықлары бойынша миллий орай директоры А.Саидов, Жоқары суд баслығының орынбасары О.Исмоилов, БМШтың Өзбекстандағы турақлы координаторы С.Маҳл, ЕҚБШның Өзбекстандағы жойбарлары координаторының басшысы А.Карттунен, АҚШтың Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Ж.Хеник, Ҳуқық қорғаў академиясы баслығының биринши орынбасары Е.Коленко ҳәм басқалар ҳуқық-қорғаў уйымларының жумысын нәтийжели шөлкемлестириўде илим ҳәм билимлендириўдиң әҳмийетине тоқтап өтти.
Халықаралық конференция шеңберинде «Ҳуқық қорғаў тараўында илим ҳәм билимлендириў, жасалма интеллектти қолланыўдың әҳмийетли мәселелери», «Тергеў жумысын шөлкемлестириўге жаңаша көзқараслар: санлы криминалистиканың роли», «Коррупцияға қарсы гүресиў, жынайый жумыстан алынған дәраматларды легалластырыўға ҳәм терроризмди қаржыландырыўға қарсы гүресиў: заманагөй машқалалар ҳәм тенденциялар», сондай-ақ, «Адам саўдасы менен байланыслы жынаятларды тергеў үстинен прокурорлық қадағалаў нәтийжелилигин арттырыў мәселелери» темаларында параллел сессиялар өткерилди.
Өткерилген сессиялар нәтийжелерине бола, конференцияның ҳуқық қорғаў тараўындағы илимий ҳәм билимлендириў потенциалын арттырыў, жуўапкер уйымлардың жумысында инсан ҳуқықларын тәмийинлеў, коррупцияға қарсы стандартларды имплементациялаў, терроризмди қаржыландырыў ҳәм жынайый активлерди тиклеў, уйымлараралық ҳәм халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған әмелий усыныслар қабыл етилди.
Халықаралық илимий-әмелий конференция материаллары топлам түринде баспадан шығарылады.
Н.Абдураимова, ӨзА