Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти.
Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.
Президентимиз сөзиниң даўамында бүгин тек ғана Өзбекстан емес, ал дүньядағы көплеген мәмлекетлер климат өзгерислериниң унамсыз ақыбетлерин анық сезинип атырғанын атап өтти.
Ҳаўа ҳәм суўдың патасланыўы, топырақ эррозиясы, шөллениў, қазылма жанылғыларды есапсыз пайдаланыў глобал ысыўға, тәбийғый апатшылықлардың көбейиўине алып келмекте, қоршаған орталық ҳәм халықтың денсаўлығына зыян келтирмекте.
Оған жуўап ретинде мәмлекетимизде үш жыл алдын «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары басланды. Қоңсы мәмлекетлер менен биргеликте Регионаллық климат стратегиясын әмелге асырыўға кирисилди. Пайтахтымызда Орайлық Азия қоршаған орталықты ҳәм климат өзгерислерин үйрениў университети шөлкемлестирилди.
Сондай-ақ, Өзбекстан Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен бул бағдарда қабыл етилген еки әҳмийетли резолюцияның интакери болды. Ҳәзирги ўақытта «жасыл» энергетика экономикамыз драйверлеринен бирине айланбақта.
Ел-халқымыздың пикир-усыныслары, тилеклерин ҳәр тәреплеме үйренип, билдирилген усыныслардан келип шыққан ҳалда, бул бағдардағы жумысларды, жаңа, және де жоқары басқышқа көтериў мақсетинде Президентимиз 2025-жылды елимизде «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы» деп жәриялаўды усыныс етти.
Жыйналғанлар бул басламаны толық қоллап-қуўатлады.
ӨзА