Ассалаўма әлейкум, ҳүрметли Сенат ағзалары!

Қәдирли дослар!

Бәринен бурын, сиз, әзизлерди жоқары исенимге ерисип, Олий Мажлис Сенатының  ағзасы етип сайланғаныңыз бенен шын кеўлимнен қызғын қутлықлайман.

Әлбетте, сенатор деген ат – жоқары ҳәм мақтанышлы статус, соның менен бирге, үлкен жуўапкершилик екенин ҳәммемиз жақсы түсинемиз.

Сизлер Жаңа Өзбекстанды қурыў, халқымыз ушын тыныш ҳәм татыў, еркин ҳәм абадан турмыс жаратыў жолында бар билим ҳәм тәжирийбеңизди, күш ҳәм имканиятыңызды иске қосып, халқымыздың исенимин ақлайсыз, деп үмит етемен.

Күшли бәсеки, әдалат ҳәм ашық-айдынлық руўхында өткен сайлаўлар нәтийжесинде бесинши шақырық Сенаттың қурамы сапа жағынан жоқары дәрежеде қәлиплести. Бүгин сизлердиң тымсалыңызда көплеген жетекши тараў ҳәм тармақлар ўәкиллерин, белгили сиясат, экономика, илим ҳәм мәденият ғайраткерлерин көрип турғанымнан қуўанышлыман.

Сенаторларымыздың интеллектуаллық имканияты ҳаққында айтқанда, олардың ҳәр 3 еўинен бири илимий дәрежеге ийе екенин айрықша атап өтиў керек.

Итибарлы тәрепи, Сенат ағзаларының дерлик 27 проценти ямаса 16 сы ҳаял-қызлар болып есапланады. Бул болса шаңарақ, аналық ҳәм балалық, ҳаял-қызлар ҳуқықларын қорғаў, улыўма, социаллық мәселелер бойынша нызамшылық жумысы ҳәм парламент қадағалаўын күшейтиўде үлкен әҳмийетке ийе, әлбетте.

Мәмлекетимизде болып өткен сайлаўлар мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиздиң раўажланыўында да, жергиликли Кеңеслер жумысында да жаңа дәўирди баслап бермекте, десек, дурыс болады.

Жаңадан сайланған жергиликли Кеңеслер қурамы ҳәм статусына бола алдыңғы жағдайдан пүткиллей өзгешеленеди. Олардың қурамы дерлик 60 процентке жаңаланып, 3 мыңнан артық ўатанласларымыз биринши мәрте депутат болғаны да соннан дерек береди.

Әсиресе, жергиликли Кеңеслерде ҳаял депутатлардың үлеси 32 процентке жеткени, 30 жасқа шекемги депутатлар саны 3,5 есеге артып, 266ны қурағаны Сенат жумысын жаңаша қатнас ҳәм қараслар тийкарында шөлкемлестириўде әҳмийетли роль атқарады.

Бүгинги мәжилисте қатнасып атырған сенаторлардың айырымлары бир ўақыттың өзинде жергиликли Кеңес депутатлары да болып есапланады.

Бәршемиз жақсы түсинемиз, дүнья көлеминдеги жағдай мисли көрилмеген дәрежеде кескин ҳәм қурамалы болып баратырған ҳәзирги шараятта елимиз тынышлығы ҳәм раўажланыўын тәмийинлеў ҳәр қашанғыдан да баслы ўазыйпаға айланбақта.

Уллы шайыр ҳәм ойшыл Паҳлаўан Маҳмуд бабамыздың айтқанындай, әййемги ата-бабалар бир топан суў тасқынын көрген болса, бүгин биз мың топан суў тасқынын көрмектемиз. Ҳақыйқатында да, биз ушырасып атырған глобал машқалалардың ҳәр бири бир топан суў тасқыны емес пе!

Ҳәр қыйлы аймақлардағы қанлы соқлығысыўлар, экологиялық ҳәм техноген апатшылықлар, климат өзгериўлери, экономикалық кризислер, терроризм ҳәм экстремизм қәўип-қәтерлери, қашқынлар машқалалары күн сайын күшейип атырғанын көрип-билип турмыз.

Мине, усындай оғадай қәўип-қәтерли жағдайда биз тек ғана күшли ерк-ықрар, бирлик ҳәм тилеклеслик, тынымсыз мийнет пенен ғана елимизде тынышлық ҳәм раўажланыўда тәмийинлеўге ерисе аламыз. Ҳүрметли сенаторларымыз, жергиликли Кеңеслерге сайланған депутатларымыз мине, усы ашшы ҳақыйқатты өз мойынларындағы үлкен жуўапкершиликти терең түсинип жумыс алып баратуғынына исенемен.

Қәдирли дослар!

Жаңа Өзбекстанды қурыўға қаратылған уллы ўазыйпаларды әмелге асырыўда жоқары палатаның бурынғы қурамы мүнәсип үлес қосты. Әсиресе, ҳаял-қызлар ҳуқықларын исенимли тәмийинлеў, ҳаял-қызлар ҳәм балаларды зорлықтан қорғаў мәселелеринде Сенат айрықша белсендилик көрсетти. Соңғы бес жылда жоқары палата тәрепинен 106 мәрте есабатлар тыңланғаны, атқарыў уйымларына 1 мың 300 сораў киргизилгени де әҳмийетли унамлы нәтийже болып есапланады.

Парламенттиң халықаралық майдандағы абырайы да сезилерли дәрежеде артып бармақта. Өткен дәўирде сырт еллер менен парламентлераралық дослық топарларының саны 26дан 73ке жетти. Сенатымызда Азия ҳаял-қызлар форумы, Орайлық Азия  мәмлекетлериниң парламентлераралық форумы сыяқлы ири халықаралық илажлар болып өтти.

Парламентлераралық Аўқам ассамблеясының 150-сессиясы, яғный юбилей әнжуманы келеси жылы пайтахтымызда өткерилиўи де айрықша итибарға ылайық. Сенат бул абырайлы халықаралық форумды да жоқары дәрежеде шөлкемлестириў ҳәм өткериўге басшылық етсе, мақсетке муўапық болады деп ойлайман.

Усы орында Сенатта мәмлекетлераралық келисимлердиң орынланыўы үстинен парламентлик қадағалаўды тәмийинлеў бойынша биринши мәрте әмелият жолға қойылғанын да атап өтиў керек.

Ҳүрметли сенаторлар!

Конституциялық реформалар нәтийжесинде Сенат қурамы ықшамласып, оның ағзаларының саны 100ден 65ке қысқарды. Ҳәзирги ўақытта сенаторлардың ўәкилликлери ҳәм жуўапкершилиги бир қатар әҳмийетли мәмлекетлик уйымларды қәлиплестириўдеги қатнасы сезилерли түрде кеңейтилди.

Және бир әҳмийетли мәселе. Алдын сенаторларымыз қадағалаў илажларында ямаса сайлаўшылар менен ушырасыўларда нызамларда анықланған машқалаларды шешиў бойынша анық ўәкиллике ийе емес еди. Жаңаланған Конституциямызда Сенатқа нызамшылық усынысын киргизиў ҳуқықының берилиўи менен мәселе өз шешимин тапты. Жаңадан сайланған сенаторларымыз бул процесслерде енди белсенди болады, деп исенемен.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Енди, жоқары палата өз жумысында толық иске қосылыўы керек болған имканият ҳәм бағдарларға тоқталып өтсек.

Конституцияда Сенат аймақлық ўәкиллик палатасы екени белгилеп қойылған. Соның менен бирге, алдыңғы шақырықта Сенат жергиликли  Кеңеслер менен сөйлесиў ҳәм бирге ислесиў бағдарында тек ғана дәслепки қәдемлерди қойғанын тән алыў керек. Мәселен, жергиликли Кеңеслер 15ден артық мәселелер бойынша қарар қабыл етиў ўәкиллигине ийе болса да, оларды таярлаў, келисиў ҳәм тастыйықлаў бойынша бирден-бир тәртип елеге шекем ислеп шығылмаған.

Және бир мәселе. Жергиликли Кеңеслерге көп ўәкилликлер берип, статусын әдеўир жоқарылаттық. Бирақ, тилекке қарсы, Кеңес депутатлары тәжирийбе алмасатуғын, тәжирийбе ҳәм әмелий көнликпесин арттырып баратуғын система жолға қойылмады. Бул мәселе де Сенаттың жаңа қурамы итибарынан шетте қалмайды, деп ойлайман.

Буннан тысқары, жергиликли Кеңеслердиң ең жақсы тәжирийбелерин басқа аймақларда да ғалаба ен жайдырыў, үлгили Кеңеслерди атап өтиў де жолға қойылса, әлбетте, жумысымыздың нәтийжеси және де артады.

Тийкарғы нызамымызға муўапық, Сенат 10 нан аслам жоқары лаўазымлы шахслардың есабатларын тыңлайды. Өткен бес жылда бундай есабатлар 100 мәртеден  артық тыңланған. Бирақ есабатлар көпшилик жағдайларда терең таллаўлар өткерместен көрип шығылмақта. Мәселен, жынаятшылық мәселесин алайық. 2024-жылдың 9 айында мәмлекетимиз бойынша 45 мыңнан аслам шахс жынаят ислеген. Әндижан, Жиззақ, Қашқадәрья ҳәм Самарқанд ўәлаятларында урлық, Наўайы, Сырдәрья ҳәм Хорезм ўәлаятларында алдаўшылық, Сурхандәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларында ҳәм Ташкент қаласында нәшебентлик жынаятлары басқа аймақларға қарағанда көбирек жүз берген.

Сенат парламент қадағалаўы шеңберинде ҳәзирги жағдайды пуқта таллап, «қызыл» аймақлардағы жағдайды қадағалаўға алса, бул бағдарда қатаң сораў өткерсе, жағдайды унамлы тәрепке өзгертиў мүмкин, деп ойлайман.

Қәдирли ўатанласлар!

Соңғы жыллары кең көлемли демократиялық реформаларымыз себепли Өзбекстанның халықаралық рейтинглердеги орны жақсыланып бармақта. Мәмлекетимиз рейтинги нызам үстинлиги бойынша 8 дәреже, электрон ҳүкимет бойынша 18 дәреже, экономикалық еркинлик бойынша 49 дәреже, логистика ҳәм инновация бойынша 10 дәреже жоқары көтерилди.

Бундай әҳмийетли жетискенликлерди атап өткен ҳалда, биз ҳәзирги ўақытта бул бағдарларда еле және көп жумыс ислеўимиз зәрүр екенлигин жақсы түсинемиз.

Ҳәзирги күнде Өзбекстан абырайлы халықаралық минберлерден үлкен-үлкен басламаларды алға қоймақта. Әлбетте, олардың мазмун-мәнисин халқымызға, сырт ел ҳәм жергиликли экспертлерге жеткериўде сенаторларымыз белсенди болыўын ҳәммемиз қәлеймиз. Бирақ, тилекке қарсы, олардың бул бағдардағы роли жетерли дәрежеде сезилмей атыр. Сенаттағы халықаралық жумысларға жуўапкер комитет де бул мәселеде әдеўир төмен ислемекте. Жоқары палатамыздың жаңа қурамы бул бағдардағы жумысын жақсылайды, деп үмит етемен.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Бүгинги қәўетерли заман бәршемизден өз жумысымызды сын көзқарасынан баҳалап, оны пүткиллей жаңадан шөлкемлестириўди талап етпекте. Усы мүнәсибет пенен Сенат алдында турған әҳмийетли ўазыйпаларға қысқаша тоқтап өтпекшимен.

Бириншиден,  жаңаланған Конституциямызда Сенат пенен Нызамшылық палатасы ўәкилликлериндеги қайталанған жағдайлар сапластырылып, олардың ҳәр бирине тийисли ўазыйпалар анық көрсетилди.

Енди  Сенат нызамларын додалаўда жаңа механизмлерди енгизиў зәрүр. Әсиресе, нызамның орынланыўы процесине жергиликли Кеңеслерди кеңнен тартыў, ҳәр бир нызам бойынша  олардың пикирин алыў әмелиятын жолға қойыў үлкен әҳмийетке ийе.

Итибар бериң, Кеңеслер депутатлары быйылғы жыл пуқаралар менен  ушырасыўларда 22 мыңнан аслам машқалаларды анықлаған. Яғный, орынлардағы хақыйқый аўҳалды олар  жақсы биледи. Солай екен, нызамларды парламент комитетлеринде көрип шығыўда, министрликлер менен уйымлардың ўәкиллери менен емес, ал  жергиликли Кеңеслер  депутатлары менен көбирек жумыс алып барылса, әлбетте, әдалатлы болады. Себеби, аймақлардың өзине сәйкес өзгешеликлери менен имканиятлары есапқа алынбаған нызамлар төменги буўында нәтийжели ислемейди.

Ең әҳмийетлиси, нызамларда аймақлық ҳәм улыўмамәмлекетлик мәплердиң үйлес болыўына ерисиў зәрүр. Нызамлардың орынланыўын тәмийинлеўде жергиликли ҳәкимлик ямаса Кеңестиң имканиятлары менен ресурсы қандай дәрежеде екени бәрқулла Сенаттың итибар орайында болыўы зәрүр.

Екиншиден,  жергиликли Кеңеслердиң жумысына ҳәр тәреплеме жәрдем бериў Сенаттың тийкарғы ўазыйпасы болыўы керек.

Жергиликли  басқарыўда сапа жағынан жаңа модель енгизилип атырған ҳәзирги ўақытта , әсиресе, әҳмийетли болып есапланады. Хабарыңыз бар, енди Халық депутатлары ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы Кеңеслерине ҳәкимлер емес, ал депутатлар арасынан сайланған Кеңес баслықлары басшылық етеди. Биз  усы сиясий реформа арқалы халқымыздың 30 жыллық арзыў-әрманын әмелге асырдық, десек,  хақыйқатты айтқан боламыз.

Пурсаттан пайдаланып, бүгинги мәжилисте қатнасып атырған аймақлық Кеңеслердиң баслықларын қутлықлап, оларға келеси жумысларында жетискенликлер  тилеймен.

Быйылғы жыл  ҳәкимлердиң 33 ўәкиллиги Кеңеслерге алып берилди, және 17  ўәкилликти өткериўди реже етпектемиз. Мысал ушын, ишимлик суўы  тарифине үстеме, мәмлекетлик объектлер ҳәм базарларда  ижара төлемлери сыяқлы  улыўма 7 түрдеги жергиликли жыйынлардың муғдарын тастыйықлаў ўәкилликли ҳәм жергиликли Кеңеслерге өткерилетуғыны нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, Кеңес сораўы ҳәм Кеңес тексериўи сыяқлы жаңа механизмлер арқалы аймақлық атқарыў уйымларының жумысы үстинен қадағалаў күшейттириледи. Жергиликли Кеңеслер тәрепинен ҳәр ярым жылда исленген жумыслар бойынша баспасөз әнжуманларын өткериў әмелияты жолға қойылса, ойлайман, бул олардың жумысында ашық-айдынлық ҳәм есап-санақ күшейтиледи.

Бул илажлардың барлығы мәмлекетимизде мәмлекетлик басқарыўды төменги буўынға түсириў, оларды халыққа жақынластырыў процесслери артқа қайтпас түс алғанынан дәрек береди.

Усы орында оғада әҳмийетли бир тәрепке итибарыңызды қаратпақшыман. 1992-жылға шекем мәмлекетимизде бир мүддет жергиликли мәмлекетлик ҳәкимиятқа еки басшы басшылық еткен жағдайлар да болған. Оны бүгинги мәжилисте  қатнасып атырған жасы үлкен инсанлар жақсы еслейди. Сол ўақытта айырым басшылар әҳмийетли машқалаларды шешип, аймақты раўажландырыў орнына абырай таласыўдан  артпай қалғаны да бар гәп.

Жақын өтмиште жол қойылған бунда жағдайлардан дурыс жуўмақ шығарыўымыз ҳәм оларды қайталаўға жол қоймаўымыз керек. Улыўма, ҳәким да, Кеңес баслығы да, бәринен бурын, өз аймағында жасап атырған халықтың мәплерин жетекши орынға қойып, бир топар болып ислесиўи зәрүр.

Ҳәзирги ўақытта  Конституцияда белгиленгениндей, район, қала ҳәм ўәлаятлар көлеминде нызам ҳүжжетлерин сөзсиз орынлаў, аймақларды социаллық-экономикалық, мәдений ҳәм экологиялық жақтан раўажландырыў ушын ҳәкимлер  жуўапкер екенин айрықша атап өтпекшимен.

Бул пикирлерди сиз, ҳүрметли сенаторлар менен ушырасыўда айтып атырғаным, бийкарға емес. Себеби, сизлер, бир тәрептен, жергиликли Кеңес депутатысыз, екинши тәрептен, Сенат ағзасы сыпатында жуўапкершилигиңизге жергиликли ўәкиллик уйымларына жәрдем  бериў ўазыйпасы да жүклетилген.

Сенат  жергиликли ҳәкимлик ҳәм Кеңеслер бирге жумыс ислеўи, өз-ара қатнасықларын  дурыс шөлкемлестириўи ушын оларға жақынан жәрдем бериўи зәрүр.

2026-жылдан  баслап район ҳәм қала Кеңеслерине де ҳәкимлер басшылық етпейди. Бул да әҳмийетли демократиялық процесс. Жоқары палатамыз бул реформаға  да қатаң таярлық көриўи керек.

Үшиншиден,  жаңаланған Конституция талабы тийкарында жергиликли Кеңеслер  жақында ҳәкимлерди лаўазымға тастыйықлаўда, олардың аймақты  раўажландырыўға  байланыслы бағдарламаларын биринши мәрте көрип шығып, мақуллады.

Халқымыз депутатлардан бул бағдарламалардағы ўазыйпалардың орынланыўы бойынша  депутатлық ҳәм Кеңес қадағалаўын әмелге асырыўда белсене ҳәм интакер болыўды күтпекте.

Мысал ушын, соңғы бес жылда жол қурылысы тараўына 48 триллион сум қаржы ажыратылған  болса да, жоллардың 32 проценти ямаса 66 мың километр елеге шекем оңлаўға мүтәж аўҳалда. Ишимлик суўы ҳәм канализация системасына болса 23 триллион сум қаржы бағдарланған, бирақ 747 мәҳәлледеги дерлик 8 миллион халық  елеге де орайласқан тармаққа қосылмаған. Орайласқан ысытыў қазанларының 8 проценти ыссылық тармақларының 14 проценти жарамсыз аўҳалда.

Қала ҳәм қалашалардың 826 си ямаса 70 проценти, елатлы пунктлердиң 5 мың 859 да ямаса 78 процентинде бас реже жоқ. Ақыбетте, орынларда шала-шарпы ҳәм нызамсыз қурылыс басланған 1 мың 600 объект анықланған болса, быйылғы жылдың  алты айында бул көрсеткиш 1 мың 900 дан артқаны да оның дәлили болып есапланады.

Бул болса жергиликли Кеңеслер министрликлер ҳәм уйымлардың төменги буўынлары, әсиресе, район ҳәм қала бөлимлери менен орынларда жаңа қатнас тийкарында ислесиўди талап етпекте.

Әзиз дослар!

Бизге белгили, бюджет қатнасықлары тараўында жергиликли Кеңеслер оғада үлкен ўәкилликлерге ийе. Биз 2025-жылы жер, мүлк ҳәм айланыс салықларын толық, дәрамат салығының болса кеминде 50 процентин район ҳәм қалалардың өзине қалдырыў бойынша қарар қабыл еткенбиз. Бул арқалы жергиликли Кеңеслердиң усы тараўдағы роли және де артады. Нәтийжеде 2025-жылы район ҳәм қалалар бюджетлериниң дәраматы 9,4 триллион сум яки 47 процентке артады.

Мысал ушын, тек ғана Хатирчи районының бюджетинде дәраматлар 69,4 миллиард сум яки дерлик 2 есе, Бухара районында 29 миллиард яум яки 1,3 есеге көбейеди.

Бул реформаларымыз район ҳәм қалалардағы жуўапкер ҳәм лаўазымлы шахслар өз аймақларындағы машқалаларды еркин шешиў ушын имканиятты түпикликли арттырыў есесине жергиликли Кеңеслерден жаратылып атырған имканиятлардан ақылға уғрас пайдаланып, халықты қыйнап атырған мәселелердиң шешими бойынша тийкарлы басламаларды алға қойыўды да талап етеди.

Сенат болса бул бағдарларда жергиликли Кеңеслер жумысын системалы таллап, оларға жәрдемлесип барыўы керек.

Төртиншиден, жаңаланған Конституциямызда Сенатқа жергиликли Кеңеслердиң қарарлары нызамшылыққа муўапық болыўын тәмийинлеў бойынша үлкен жуўапкершилик жүкленген.

Тек ғана өткен жылдың өзинде усы Кеңеслер 34 мың 400 қарар қабыл еткенин есапқа алатуғын болсақ, бул қаншелли әҳмийетли ўазыйпа екени анық аян болады. Сенат бул бағдарда ашық-айдынлықты, нызамлылықты тәмийинлеў бойынша нәтийжели система жаратыўы керек. Бул бағдарда жоқары палата жанында шөлкемлестирилген Аймақлық ўәкиллик уйымларының жумысын үйрениў орайы имканиятларынан үнемли пайдаланыў керек болады.

Бесиншиден, Сенат комитетлери – жоқары палатаның жүреги, ҳәрекетлендириўши күши.

Ҳәр бир комитет орынлардағы машқалаларды үйрениў ҳәм олардың шешими бойынша өткен бес жыл даўамында орташа 37 ден қадағалаў-таллаў илажы өткерилди. Әлбетте, бул көрсеткиш ҳәм санлар жақсы. Бирақ, қадағалаў илажлары күтилген нәтийже берип атыр ма, олардан кейин орынларда анық бир машқала өз шешимин таўып атыр ма, деген сораў сенаторларымызды ойландырыўы керек.

Соның ушын, комитетлердеги тыңлаў институты тийкарларын нызам дәрежесинде беккемлеп қойыў ўақты келди, деп есаплайман. Ҳәр бир комитет өз бағдары бойынша жергиликли Кеңеслерге жәрдемлесип барса, әлбетте, олардың жумысы да сезилерли дәрежеде күшейеди.

Алтыншыдан, биз кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықты социаллық қорғаў бағдарында үлкен бағдарламаларды әмелге асырып атырмыз.

Төрт жыл алдын 23 процент яки 7,5 миллион халқымыздың дәраматы кәмбағаллық шегарасына да жетпейтуғын еди. Өткен дәўирде 3,5 миллион пуқара ушын дәрамат алыў имканиятын жаратып, кәмбағаллықты 11 процентке түсириўге еристик. Келеси үш жылда оны 7 процентке түсириўди режелестиргенбиз.

Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықты социаллық қорғаў мақсетинде келеси жылы бюджеттен 500 миллиард сум қаратамыз. Және бир жаңалық – жаңа жылдан 65 түрдеги социаллық хызмет ҳәм жәрдемлер, 50 ге жақын жеңилликлерди өзинде жәмлеўтуғын бирден-бир «Социаллық карта» системасы жолға қойылады.

Дәраматы ҳәм денсаўлығын жоқ етип, аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ўатанласларымызды қоллап-қуўатлаў көлеми басқышпа-басқыш кеңейтириледи. Буның ушын «Социаллық қамсызландырыў ҳаққында»ғы нызам қабыл етиледи. Майыплығы болған шахслардың жәмийетке бейимлесиўин тәмийинлеў ушын социаллық хызмет ҳәм жәрдемлер көлеми кеңейтиледи.

Хабарыңыз бар, бүгинги күнде имканияты шекленген балалардың айырым социаллық орталықтан ажыралған ҳалда билим алмақта. Олардың улыўма билимлендириў мектеплерине қатнаўы ушын тосықсыз орталық ҳәм зәрүр шараят жаратылады, арнаўлы педагог ҳәм психологлар тартылады.

Және бир әҳмийетли мәселеге айрықша тоқталып өтпекшимен. Жәмийетимизде балаларға зорлық-зомбылық жағдайлары ушырап атырғанынан хабарым бар. Биз миллий мәдениятымызға тән болмаған бундай иллетлерге қарсы маўасасыз мүнәсибетте болыўымыз ҳәм аяўсыз гүресиўимиз шәрт. Бул мәселе жеке Президенттиң қадағалаўында болады.

Соның ушын, жақында баланың өмири, саламатлығы, намысы ҳәм қәдир-қымбатына қәўип етилетуғын, физикалық ҳәм руўхый азап жеткериўы мүмкин болған барлық жағдайларда мәмлекет тәрепинен тийисли ҳуқықый ҳәм социаллық илажлар көрилетуғынын нызам менен беккемлеп қойдық.

Прокуратура уйымлары зорлықтан жәбирлениўшилердиң ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша тәсиршең илажларды және де күшейтиўи керек.

Әне усындай реже ҳәм басламаларымызды толық әмелге асырыўда сенаторлардың қатнасыўы, әлбетте, оғада әҳмийетли.

Жетиншиден, коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында миллий кеңес жумысы жолға қойылып, Сенат Баслығы оған басшылық етиўи дурыс болғанын өмирдиң өзи тастыйқлады.

Соңғы бес жылда «Коррупцияның жоқлығы» көрсеткишинде Өзбекстан 23 текше жоқары көтерилип, 2023-жылы 140 мәмлекет арасында 66-орынды ийеледи ҳәм Орайлық Азия регионында усы бағдарда сезилерли унамлы көрсеткишти көрсетти.

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер жумысының ашық-айдынлығын баҳалаў бойынша «Ашықлық индекси» енгизиледи. Баҳалаў нәтийжелерине бола, қанаатланарсыз деп табылған мәмлекетлик шөлкемлер басшыларының есабатлары Миллий кеңес мәжилислеринде тыңлап барылмақта. Бирақ, бул бағдарда еле шешимин күтип атырған мәселелер де жетерли. Өткен жылы коррупцияға байланыслы жынаятлар 12 процентке кемейген болса-да, 6 мың 500 шахс коррупцияда айыпланып, жуўапкершиликке  тартылған.

Улыўма, коррупуияға қарсы гүресиў бойынша парламент қадағалаўын, пүткил жәмийетимиз қатнасыўын және де күшейтиў зәрүр, деп есаплайман.

Сенат халық ҳәм мәмлекетлик хызметкерлердиң ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятын раўажландырыў, жәмийетте коррупцияға маўасасызлық орталығын қәлиплестириў, жас әўлатдың санасына нызамға ҳүрмет, дурыслық ҳәм қалыс мийнет түсиниклерин сиңдириў бойынша анық илажларды ислеп шығыў керек.

Сегизиншиден, Сенат тәрепинен Судьялар жоқары кеңесиниң барлық ағзаларын сайлаў системасы жолға қойылғаны суд ҳәкимиятының шын мәнисиндеги ғәрезсизлигин тәмийинлеўге хызмет етеди.

Усы орында бир пикирге айырықша итибар берип айтпақшыман: Сенаттың бул конституциялық ўәкиллиги тек талабанларды тастыйықлаў менен шекленип қалмаўы керек. Жоқары палата комитетлеринде талабанлардың жумысы менен танысыў ҳәм баҳа бериў, олар ҳаққында жуўмақ билдириў әмелиятын жолға қойыў зәрүр.

Соның менен бирге, судьялардың статусы ҳәм судьялар жәмийетшилиги уйымлары жумысының ҳуқықый тийкарын, суд системасын қаржыландырыў ушын қәрежетлер ажыратыўда бул жәмийетшиликтиң қатнасыў кепилликлерин айырықша нызамлар менен белгилейтуғын ўақыт келди, деп есаплайман.

Қәдирли дослар!

Бүгин сизлер менен бирге күн тәртибине киргизилген шөлкемлестирилген мәселе – Сенат Баслығы ҳәм оның орынбасарларын сайлаў ҳаққындағы мәселени көрип шығыўымыз керек.

Конституциямыздың 101-статьясына муўапық, көпшилик, атап айтқанда, тәжирийбели сенаторлар менен ойласқан ҳалда, мен Олий Мажлис Сенаты Баслығы лаўазымына ҳүрметли сенаторымыз Танзила Камаловна Норбоеваның кандидатурасын усынбақшыман.

Бул талабанды барлығыңыз жақсы таныйсыз. Танзила Камаловна мәмлекет ҳәм жәмийетлик басқарыўында бай тәжрийбеге ийе. Өткен дәўирде оның Олий Мажлис Сенаты Баслығы сыпатындағы нәтийжели жумысы нәтийжесинде мәмлекетимизде ҳаял-қызлар, балалар ҳуқықларын тәмийинлеў ҳәм олардың нызамлы мәплерин қорғаў бойынша жағдай сезилерли рәўиште жақсыланды. Ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин арттырыў, гендер теңлик ҳәм шаңарақ мәселелери бойынша илгери сүрилген көплеген басламалар бүгинги күнде өз нәтийжесин бермекте.

Ҳүрметли Танзила Камаловна жоқары лаўазымда сизлер менен жақын шерикликте және де табыслы жумыс көрсетиўине исенемен.

Сенат Баслығының биринши орынбасары лаўазымына ҳүрметли сенаторымыз Содиқ Солиҳович Сафоевтың кандидатурасын усыныс етемен.

Бул басшыны мәмлекетимизде ҳәм халықаралық майданда танылған үлкен дипломат, жәмийетлик ғайраткер сыпатында жақсы таныйсыз. Содиқ Солиҳовичти барлығыңыз жақыннан билгениңиз себепли ол адамның мийнет жумысы ҳаққында узақ тоқталып отырмайман.

Сенат Баслығының орынбасары лаўазымына ҳүрметли сенаторымыз Аманбай Тлеубаевич Орынбаевтың кандидатурасын усыныс етемен.

Бул инсан халқымыздың пидайы перзенти болып, 2022-жылы 26- августтан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, сол жылдың 13-сентябринен бир ўақыттың өзинде Сенат Баслығының орынбасары сыпатында да нәтийжели жумыс ислеп келмекте.

Аманбай Тлеубаевич көп жыллар ишки ислер уйымлары системасында жуўапкерли лаўазымларда нәтийжели хызмет еткен. Мийнет жолы даўамында өзин жуўапкершиликли, Ўатанға, кәсибине садық, сынақлы демлерде адамлардың бирлестире алатуғын жанкүйер басшы сыпатында көрсетти.

Сизлерден Аманбай Орынбаевтың кандидатурасын талабанлығын қоллап-қуўатлаўыңызды сорайман.

Ҳүрметли Сенат ағзалары! 

Сенат Баслығы ҳәм оның орынбасарлары етип сайланған Танзила Норбоева, Содиқ Сафоев, Аманбай Орынбаевты бүгинги жоқары исеним менен жеке өзимниң атымнан ҳәм сизлердиң атыңыздан шын жүрегимнен қутлықлап, олардың кейинги жумысында жеңис ҳәм табыслар яр болыўын тилеймен.

Әзиз дослар!

Саҳыбқыран Амир Темур бабамыздың «Салтанат тонын кийип, тынышлығым бузылды», деген тәсиршең сөзлерин көпшилигиңиз оқығансыз, әлбетте. Уллы бабамыздың бул сөзлеринде мәмлекет исине, ел-журт хызметине бел байлаған инсан әмел етиўи зәрүр болған жоқары талап нәзерде тутылғанын ҳәммемиз жақсы түсинемиз.

Шынында да, мәмлекет ҳәм халық хызметкериниң – ол сенатор яки депутат бола ма, ҳәким яки министр бола ма – басшылық өзине жуўапкершиликти алғанын соң бийғам-итибарсыз, арқайынлыққа берилип жасаўға руўхый ҳақысы жоқ.

Өзиңиз ойлаң, 37 миллионлық халықтан тек ғана 65 инсанға сенатор болыўдай жоқары исеним ҳәм бахыт несип етти. Бул үлкен исеним ҳәм жуўапкершиликтиң қәдирине жетиў, оны ҳадал ҳәм садық хызмет пенен ақлаў бәршемиздиң муқаддес миннетимиз.

Данышпанлар айтқанындай, ҳүждан менен исленген мийнеттен – мәдет, әдалатан – табыс ҳәм жетискенлик пайда болады.

Сизлер Жаңа Өзбекстан ҳәм Үшинши Ренессанс тийкарын қурыўға мүнәсип үлес қосасызлар, халықшыл ҳәм әдалатлы нызамлар қабыллап, бәршеге өрнек боласыз, деп тилек билдиремен.

Мен сиз, ҳүрметли сенаторлар тымсалында, әне сондай үлкен ислерге ылайық, Өзбекстан алдында турған стратегиялық ўазыйпаларды терең аңлайтуғын, Ўатан ҳәм халық мәпин ҳәмме нәрседен үстин қоятуғын пидайы инсанларды – өзимниң ең жақын инсанларымды көремен.

Сизлер бар билим ҳәм тәжрийбеңиз, күш ҳәм имканиятыңызды иске салып, мәмлекетимиз турмысында, Сенат жумысында жаңа, жарқын бет ашасыз, деп исенемен.

Әне, усындай даңқлы жолда бәршеңизге саў-саламатлық, үлкен күш-ғайрат, әўмет ҳәм табыслар тилеймен.