Нью-Йорк Федерал резерв банки – FED есабатына бола, америкалылардың кредит карталары бойынша қарызы өсиўде даўам етпекте ҳәм жаңа рекордқа жетти, деп хабар бермекте «Fox Business» баслымы.

Кредит карталары бойынша улыўма қарыз үшинши шеректе 1,17 триллион долларға өсти, бул өткен шерекке салыстырғанда 24 миллиард долларға көп. Бул мағлыўматлар «FED» анализине бола, 2003-жылдан берли ең жоқары көрсеткиш болып есапланады.

Жоқары инфляция күнделикли талаплар ушын көбирек пул төлеўге мәжбүр болған AҚШ пуқараларына қатаң финанслық басым келтирип шығарды.

Солай етип, бензин, азық-аўқат ҳәм ижара баҳасы октябрь айында өткен айға салыстырғанда 0,2 процентке, өткен жылға салыстырғанда 2,6 процентке асты. Октябрь айында тийкарғы инфляция 2,4 проценттен 2,6 процентке шекем бираз көтерилди ҳәм итимал Федерал резерв банки жақын келешекте ставкаларды пәсейтиў режелерин даўам еттириўи мүмкин.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги