Ташкент қаласында 20-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси өз жумысын баслады.

Мәжилисте Президент Шавкат Мирзиёев қатнаспақта.

Күн тәртибине муўапық, мәжилисте Өзбекстан Республикасы Бас министриниң кандидатурасы ҳаққындағы мәселе көрип шығылады.

Онда Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары, Сенат ағзалары, Ҳүкимет ағзалары, орайлық мәкемелердиң басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери, мәмлекетимизде жумыс алып барып атырған дипломатиялық корпус ўәкиллери, сырт ел ҳәм жергиликли ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнаспақта.

ӨзА