Усы жыл 3–август күни Қанлыкөл районындағы «Дослық» мәкан пуқаралар жыйынындағы 19-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 28-июнь күнги Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма жети жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде дүзилген жергиликли үгит-нәсиятшылар топарының қатнасында байрам кешеси өткерилди.
Илажда Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының Қарақалпақстан бөлими баслығы Қ.Юсупов, район ҳәкиминиң жаслар сиясаты, руўхый-ағартыўшылық ҳәм социаллық раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасары К.Абдикаримов, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы Р.Отаров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимиздиң ғәрезсизлик байрамына таярлық көриў, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы, «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» мәмлекетлик бағдарламасының мазмун-мәниси туўралы пикир-усыныслар билдирди.
Илаж даўамында жыйналғанларға концерт бағдарламасы қойып берилди.
Бундай илажлар республикамыздың барлық районларында даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги