Ҳәзир Президент Шавкат Мирзиёев Олий Мажлис Нызамшылық палатасының сайлаўдан кейинги биринши мәжилисинде шығып сөйлемекте.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң басында Олий Мажлис Нызамшылық палатасына сайлаў депутат деген мақтанышлы атқа ийе болғанларды қутлықлады.

Бул жоқары исеним олардың бай билими ҳәм турмыслық тәжирийбеси, елимиздиң абаданлығы жолында  исленип атырған пидайы мийнетине  халқымыздың үлкен ҳүрметиниң көриниси екени атап өтилди.

Ҳәр қандай сайлаў мәмлекет ҳәм жәмийет ушын әҳмийетли сиясий процесс. Әсиресе жер жүзиндеги бүгинги кескин ҳәм қәўип-қәтерли жағдайда бундай улыўмахалықлық илажларды өткериў және де үлкен жуўапкершилик талап етеди. Түрли регионларда урыслар, қарама-қарсылықлар ҳәм келиспеўшиликлер ҳәўиж алып бармақта.

Әне усындай оғада қурамалы дәўирде сайлаўларды тынышлық шараятында, еркин өткергенбиз елимизде ҳүким сүрип атырған тынышлықтан дерек береди. Президент бәршемиз бул бийбаҳа байлығымызды көз қарашығындай қәстерлеп-сақлаўымыз ҳәм беккемлеўимиз керек екенлигин атап өтти.

Сырт елли шөлкемлер ҳәм бақлаўшылар да болып өткен сайлаў процесслери халықаралық стандартларға толық сәйкес ҳалда өткенин атап өтип, оларға жоқары  баҳа бергени атап өтилди.

ӨзА