Ташкент қаласында жаңа шақырық Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының биринши шөлкемлестириўшилик мәжилиси өз жумысын даўам еттирмекте.
Мәжилисте Нызамшылық палатасындағы сиясий партиялардың фракцияларын дизимге алыў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.
Мәжилис секретариятына тийисли тәртипте дүзилген Нызамшылық палаьасындағы 5 сиясий партия фракциясының басшылары тәрепинен фракциялар дүзилгенлиги ҳаққында усыныс протоколлары тапсырылып , оларды дизимге алыў ҳаққында мүрәжат етилди.
Соның ишинде: 63 депутаттан ибарат Нызамшылық палатасындағы Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясының фракциясын,
28 депутаттан ибарат Нызамшылық палатасындағы Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының фракциясын,
21 депутаттан ибарат Нызамшылық палатасындағы Өзбекстан «Адолат» социаллық-демократиялық партиясының фракциясын,
19 депутаттан ибарат Нызамшылық палатасындағы Өзбекстан Халық демократиялық партиясының фракциясын,
16 депуттатан ибарат Өзбекстан Экологиялық партиясының фракциясын, дизимге алыў ҳаққындағы қарар жойбары даўысқа қойылды.
Ашық даўыс бериў жолы менен бул мәселелер тастыйықланды.
Солндай-ақ, мәжилисте Олий Мажлис Нызамшылық палатасы комитетлерин дүзиў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды.
ӨзА