Бизге мәлим, күни кеше 50 ден аслам ислам ҳәм араб мәмлекетиниң жетекшилери Саудия Арабстаны пайтахты Ар-Рияд қаласында Ислам бирге ислесиў шөлкеми (ИБШ) ҳәм Араб Лигасының екинши айрықша мәжилисинде қатнасты.
Усы гезексиз саммите шығып сөйлеген Иран вице-президенти Муҳаммад Риза Ариф Израильдиң Газа ҳәм Ливандағы ҳүжимди тоқтатыў бойынша халықаралық механизм нәтийжесиз екенлигин сынға алып, мақсетке ерисиў ушын ислам ҳәм араб жетекшилерин «жәмәәтлик ҳәрекет»ке шақырды. Ол үш тийкарғы басқышты ортаға таслады: Израиль ҳүжимин тоқтатыў, әскерий ҳәрекет және жүз бермеўи ушын зәрүр илажлар көриў ҳәм Палестина ҳәм Ливан халқына жеткерилген зыянды жетерли дәрежеде қаплаў.
ӨзА