Енди және тоғыз мәмлекет пуқаралары Қытайға визасыз кириўи мүмкин. ҚХР ҳүкимети усы жылдың басында енгизилген бағдарламаны кеңейтип, Словакия, Норвегия, Финляндия, Дания, Исландия, Андорра, Монако, Лихтенштейн ҳәм Қубла Кореяны да жеңилликли дизимге қосты. Сыртқы ислер министрлиги ўәкили Лин Цзянь баспасөз әнжуманында атап өтилгениндей, бул қарар 2025-жылы 8-ноябрьден 31-декабрьге шекем әмел етеди.
Усы жылдың январьнда ислей баслаған ҳүжжетке әсте-ақырын жаңа мәмлекетлер киргизилмекте. Жыл басынан берли жеңиллик Европаның 11 мәмлекети, атап айтқанда Австрия, Германия, Франция, Ирландия, Нидерландия, Италия ҳәм Швейцария, сондай-ақ Малайзия пуқаралығына да қолланылды. Июнь айы ақырында дизимге Польша, Aвстралия ҳәм Жаңа Зеландия қосылды.
Қарарға бола, бул мәмлекетлер пуқаралары Қытайға әпиўайы паспорт пенен кирип, мәмлекетте 15 күнге шекем визасыз қалыўы мүмкин. Бул бағдарлама қамтып алыўы кеңейиўи туристлер ағымын арттырыўы күтилмекте. 2019-жылы, COVID-19 пандемиясынан алдын, Қытайға басқа мәмлекетлерден 49,1 миллионға жақын турист барған. 2024-жылдың дәслепки жети айында бул номер 17,25 миллионды қурады. Биринши ярым жыллықта визасыз кириў бағдарламасына киргизилген мәмлекетлерден келгенлер 8,5 миллион адамға жетти. Бул өткен жылдың сол дәўирине салыстырылғанда 190 процент көп. Январь-сентябрь айларында Чин елин зиярат еткен 8,18 миллион сырт елли туристтиң 4,9 миллиони визасыз бағдарламадан пайдаланған. Қытайға ең көп Қубла Корея пуқаралары барады екен.
Мәмлекетте және бир визасыз кириў бағдарламасы бар болып, бул ҳүжжет 54 мәмлекет, атап айтқанда AҚШ, Канада ҳәм Уллы Британия пуқараларына салыстырғанда қолланады. Бул қарар шеңберинде сырт елли туристлер Қытайға 37 бәнттен бири арқалы кирип, үшинши мәмлекетке өтиў ушын жарамлы билетке ийе болса, мәмлекетте 72 яки 144 саат даўамында визасыз қалыў имканиятына ийе.
Қарақалпақстан хабар агентлиги