Президент Шавкат Мирзиёев мектеплерде музыка, физикалық тәрбия ҳәм әскерий ўатансүйиўшилик пәнлериниң сапасын арттырыў бойынша презентация менен танысты.

Бул ҳаққында 30-сентябрь күни Педагогикалық шеберлик миллий институтында муғаллимлер менен болған сәўбетлерде айтылған еди. Мәмлекетимиз басшысы усы үш бағдардың шахс жетиклигиндеги орнына әҳмийет қаратып, оларды оқытыўды жетилистириў әҳмийетли екенин атап өткен еди.

Мысалы, мектеплердеги музыка муғаллимлериниң 21 проценти орта арнаўлы мағлыўматлы. Айырымларының өзи саз әсбабын шерте алмайды. Себеби, музыка муғаллимлериниң әмелий маманлық арттырыў системасы жоқ, бул бағдарда көркем өнер мектеплери менен бирге ислесиў жолға қойылмаған. Мәденият институтларының питкериўшилери муғаллимликке қабыл етилмейди.

Соның ушын мектеплерде сабақлардың сапасын арттырыў бойынша бир қатар илажлар усыныс етилмекте.

Атап айтқанда, музыка мәденият пәни муғаллимлериниң билим дәрежеси ҳәм кәсиплик шеберлиги баҳаланып, маманлық арттырыў системасы жолға қойылады. Бул бағдар бойынша оқыў қолланбалар, муғаллимлерге категория бериўдиң жаңа тәртиби ислеп шығылады.

«Туран мектеп театры»ның унамлы тәжирийбеси тийкарында мектеплерде «Қәбилет» ҳәўескерлик көркем топарлары шөлкемлестириледи. Жоқары билимлендириў мәкемелериниң музыка ҳәм көркем өнер бағдары питкериўшилерине мектеплерде ислеўге рухсат бериледи.

Аймақлардағы музыка ҳәм көркем өнер мектеплерин улыўма билимлендириў мектеплерине таяныш мектеп сыпатында бириктириў, қәбилетли оқыўшыларды қәлиплестириў мақсетинде турақлы көрик-таңлаўлар өткериў зәрүрлиги атап өтилди.

Жасларды ғалабалық спортқа кеңнен тартыў да әҳмийетли. Мектеплерде 22 олимпиада, 19 олимпиада емес, 4 миллий спорт түрлери үйретиледи. Бирақ, физикалық тәрбия муғаллимлери ушын методикалық қолланбалар жоқ. Оқыўшыларды селекция етиў системалы емес.

Соның ушын физикалық тәрбия пәни бойынша оқыў қолланбалар ислеп шығылып, оқыў бағдарламалары жетилистириледи. Бул пән муғаллимлериниң билим дәрежеси ҳәм кәсиплик шеберлигин анықлаў бойынша миллий баҳалаў системасы жолға қойылады.

Келеси оқыў жылынан баслап, басқышпа-басқыш барлық орында мектеп спорт клублары шөлкемлестириледи. Бул бағдарда да муғаллимлерге категория бериўдиң жаңа тәртиби, мектеплердиң спорт бойынша рейтинг системасы ислеп шығылады.

Бүгин заманның өзи ҳәр бир пуқарадан ўатансүйиўши болыўды талап етпекте. Бунда, әсиресе, әскерий хызметкерлер, шақырыққа шекемги басланғыш таярлық пәни муғаллимлери өрнек болыўы керек.

Ҳәзир мектеплерде дерлик 10 мың әне усындай педагоглар жумыс алып бармақта. Бирақ, олардың 27 проценти қәниге емес. 2 мың 750 мектепте бул пән ушын шараят жетерли емес.

Соның ушын енди шақырыққа шекемги басланғыш таярлық муғаллими штаты Қорғаныў министрлигине өтеди. Енди бул ўазыйпаған Қураллы Күшлер резервиндеги әскерий қәнигелер жумысқа қабыл етиледи.

Бул пән бойынша жаңа оқыў бағдарламасы ҳәм сабақлықлар жаратылады. Ҳәр бир район ҳәм қалада биреўден мектеп тийкарында «Мәртлик мектеби» жумысы жолға қойылады.

Жуўапкерлер бул бағдардағы жумысларды шөлкемлестириў режеси бойынша мәлимлеме берди. Жоқары оқыў орынларында усы бағдарлар бойынша педагоглар таярлаўды түпкиликли өзгертиў, маманлық талаплары ҳәм билимлендириўдиң сапасын арттырыў бойынша тапсырмалар берилди.

ӨзА