Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында жетинши шақырық Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң биринши сессиясы болып өтти.
Сессия жумысына районлық Кеңес депутатлары, сектор баслықлары, районлық сайлаў комиссиясы ағзалары, сиясий партия басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, мәкеме, кәрхана, шөлкем басшылары ҳәм пуқаралар жыйынлары баслықлары қатнасты.
Сессияниң күн тәртибинде төрт мәселе, яғный, Халық депутатлары Тахтакөпир районы Кеңесине сайланған депутатлардың партия топарларын дизимге алыў, Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң Регламенти ҳәм турақлы комиссиялар ҳаққындағы Нызамын тастыйықлаў ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының Тахтакөпир районы ҳәкимин тайынлаў ҳаққындағы қарарын тастыйықлаў ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси район ҳәм қалалық Кеңеслери қоспа мәжилисиниң мәсләҳәт Кеңесине Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесинен талабан усыныс етиў ҳаққындағы мәселелер көрип шығылды.
Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының район ҳәкими лаўазымына Жамбул Адилов тайынлаў ҳаққындағы қарарын тастыйықлаў мәселеси даўысқа қойылды ҳәм депутатлар бул бойынша тийисли қарар қабыл етип, Тахтакөпир районы ҳәкими лаўазымына Жамбул Адилов тастыйықланды.
Сессия соңында күн тәртибиндеги мәселелер толық қарап шығылып, депутатлар бул бойынша тийисли шешим қабыл етти.
Соның менен Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниң жетинши шақырық биринши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги