(Гүрриң)

Сүрмелекленип жүрип самаллаўға шыққан Сәдирбай ғарры күшиктиң даўысындай даўыстан сетем алып, қолындағы таяғы менен жән-жақты қармап мал қора бетке қарай бетледи. «Мына қыстың қақаман суўығында кимниң ийти екен бизиң үйдиң қасына келип туўып жүрген»,-деди ол өзинше гүбирленип. Бир қолында таяғы, бир қолында ақлығы әкелип берген кишкене фонар менен қораға сүйеўли турған пишенге шекем жетип барып даўыс шыққан жерде бирден тоқтап қалды. Не көз бенен көрсин даўыс күшиктики я пышықтики емес, үйиўли турған пишенниң қуўысында гөне көкси бир таўарға оралған қып-қызыл нәресте-адам баласы еди.

-Я Алла, оңым ба я түсимбе. Туф-туф. Астафуралла. Шайтан азғырайын дедиме. Мына жасымда я естен аўып, көзиме түрли бәлелер көринетуғын болдымекен,-деп ғарры жән-жағына қарап тәўирақ албырады. Баланы қолына алыўды билмей нә үйине барып хабар бериўди билмей албырап турған ғарры тек те Арзыбай, Айдос деп ақлықларының атын айтып бақыра берди…

-Өйппей ғарры бул не деген сумлық. Бул не деген масқарашылық. «Биреўлер бир тырнаққа зар, биреўлер бийзар», дегени усығой. Мына қыстың қыраўлы күнинде қайсы иймансыз ишинен шыққан перзентин далаға таслап  кетти екен. Ийт те бундай ис ислемес, -кемпир ғаррысының шырқыратып жылатып алып келген кешкене нәрестени көрип гүйбеңлеп жүрип сөйленип жүр. Усының арасында үйиндеги уйқылап жатырған бала-шағаның бәри уйқысынан турып, бөпениң әтирапында жәмленисип қалды.

-Бул не аға,-еле уйқысын аша алмай атырған баласы Абдибай әкесине сораўлы түрде қарады.

-Қәйдем балам. Мен де түсинбей турман. Қайсы атасына нәлет таслап кеткенин. Ғарры болған ўақыяны үй-ишине түсиндирген болды. Қолда-аяқта турмай жылап атырған нәрестениң даўысы олардың өз-ара сөйлесиўине де пурса бермей атыр.

-Беў, беў, қарағымаў. Мына нәресте шырқырап қалдығо. Қарасаңызғо. Келин, не қылып турсаң аңқайып, тез таза таўар алып шық. Суўды жылыт. Үсти басын тазалап алайық буның. Соң емизерсең.

-Емизесең?. Неге? Кимди?,- күни менен не қыларын билмей турған келини Миясар енесиниң гәпине шырт ете қалды.

-Кимди болатуғын еди, мына бөпени-дә. Мени емизбейсеңғо сирә,-деп ашыўлы кемпир күйгенинен ерсили-қарсылы келинине даўысын көтерип сөйледи.

                                                         ***

-Енди не қыламыз апа. Милиция да анықлай алмай атырғо. Бул кимниң қызы. Ким туўып кеткен белгисиз. Я детдомға тапсырайық десек оны қылмайсыз. Миясар да бийшара сизиң айтқаныңыздан шыға алмай еки күннен берли емизип атыр.

-Емизбей не қылады. Обалғо.

-Обал деп. Ол қандай адамның қызы екенин билмеймизғо.

Қандай адам болатуғын еди. Инсанның перзенти ийттики емес. Ертең ийеси шықса тапсырамыз, болмаса сақлап аласыз келин менен бирге.

-Сақлап. Қалайынша?

-Қалайынша болатуғын еди. Мына үш улыңа қосып тәрбиялап, камалға келтиресиз. Еки бастан қызыңыз жоқғо.

Анасының бул гәпинен соң Абдибай ойланып қалды. Қалай болар екен. Бул кимниң қызы, оны қандай адам туўған, ата-анасына керек емес перзент ертең қандай болады. «Елдиң аўзын жаппаға елли қарыс бөз керек», -дегениндей ертең халық не демейди. Ҳарамыны сақлап алыптығо демейме. Бул ойларының шырмаўығында қалған Абдибай ақыры әкесине ойласты.

-Мен бир аяғы төрде, бир аяғы гөрде отырған ғарры болсам. Ертең менде, анаңда бул дүньядан кетемиз. Бала өзлериңизге керек. Егер мени тыңласаң, сақлап алғаныңыз мақул. Тәғдирге не шара. Нәрестениң тәғдиринде усы бар екен. Шаңарағымызға келген дәўлет болсын деп атын Дәўлетбийке қойың. Сөйтте баўырыңызға басың.

Еки күннен берли баласына қосып баўырына басып емизип атырған қызға Миясардың аналық меҳири оянған еди әлле қашан. Күйеўи айтқан ўақытта яқшы демеседе көзлери жанып, күлимлеп қоя берди.

                                                     ***

Аўыл алақандай елат емеспе? Кимниң үйинде не болып атыр?  Кимниң үйине қонақ келди?  Кимниң келини урысып кетип қалды? Ҳәтте аўылындағы пәленшениң қорасындағы қысыр сыйыр менен буўазында айырып айтып отырады иши зериккенлер.  Бирақ, мына  Сәдирбай ғаррының қорасына туўған баласын ким таслап кеткенин аўылдағы аты шыққан «изқуўарлар» да таба алмады. Ишки ислер хызметкерлери де күнде папкисин қолтықлап аўылдағы, қоңсы аўылда адамлардан сораў-жуўап алыў менен әўере болып жүр. Дым ғана из жоқ. Текте қорадан еки жүз метрдей арылаўда бир машинаның изи бар. Соған шекем изин жасырыў ушын сипсени сүйреп бара берген.

                                                           *** 

 Дәўлетбийке менен  Қуўаныштың  быйыл биринши классқа барғаны  үй-ишин қуўанышқа толтырып жиберди.   Екеўи бирге өсип, быйыл бир класста оқып атыр. Мектептен келип екеўи муғаллим берген китапларын анасына көрсетип атырғанда   есик қағылды.

-Келебериң есик ашықғо,-деди Миясар алдында отырған қызын жерге түсиргиси келмей.

-Мүмкинбе,-деген даўыстың таныс екенлигине жалт қараған Миясар орнынан ырғып турды. Қаладан келип аўылдағы поликлиникада медсестра болып жумыс ислеген ўақытларда усы үйде  жатып ислеген қайын атасының бир әмекисиниң  қызы еди ол. «Қызыма қалада жумыс таба алмадық, бир таныс таўып сизиң аўылдағы емханаға жумысқа өткерип атырмыз. Сениң үйиңде болып турсын ғошшым»,-дегенге Сәдирбай ғарры менен кемпири қызды үйинде сақлап, өз қызындай етип қойды. Бирақ қалалы қыз болса да аўылда жүрип, бир жигиттиң «күйдим, пистим» дегенине алданып қалғанын билмей-ақ қалды.

-Ҳаў келиң, келиң. Төрлең. Мен ҳәзир төсек салып жиберейин.

-Яқ, яқ. Шәрт емес. Асығыспан.

-Асығыс екенлигиңди билемен. Азырақ отыр. Қара шай ишемиз. Мына бизиң бала менен қыздың оқыўға барғанын жуўамыз.

-Ҳее яғаў шай ишип отыратуғын ўақыт қайда жеңгежан. Ата да, апа да бул дүньядан көз жумып кеткенине бираз ўақытлар болыптығо. Жаназаларына да айттырмапсыз.

-Аўа, сулыў қыз.(Ол Арзыгүлге усылай ат қойып сыйлар еди). Олар да өтип кетти пақырлар. Демде жылы да болды.

-Сол бир қуран оқытып кетейин деп едим.

-Болады Алла сыйласын.

Кетемен деген Арзыгүл шай ишип болғаннан соң да бираз отырды. Оның еки көзи жалтақлап Дәўлетбийкени жеп баратыр.

-Үп-үлкен қыз болып қалыптығо,-деди ол қыздың шашларын қоллары менен сыйпалап. Келмегениме де бираз жыллар болды. Үш улдан соң көрген еркетай қызыңызба?

-Аўа. Аллаға шүкир. Көктен тилегенимизди Алла жерден бердиғой. Егизекли болдық,-деди Миясар қызын қушағына басып.

-Болады кише мен турайын. Көп отырдым.

-Ҳаў, аўқат писейин деп турғо. Азырақ отырса бийкеш. Өзиң ҳаққында айтпадың. Жағдайың қалай. Турмысқа шықтыңба. Ҳәзир не ислеп атырсаң?,-деп оны сораўға көмип таслады.

Арзыгүл не дерин, не айтарын билмей тубалап қалды. Баяғы сулыўлықтан ҳеш нәрсеси қалмаған жүзине түскен жыйрықларды маңлайына жыйнап турды да, және жайылысып, сөз баслады.

-Пайтахтқа, үй бетке барғансоң жумысқа өте алмай көп жүрдим. Ананы анаў, мынаны мынаў деп жүрип турмыс қурыўды да ойламадым. Жас өткеннен соң ҳаялы менен ажырасқан, ҳаялы өлгенлер сөз ата баслады. Оларға да разы болмадым. Ақыры үш жыл болды. Анамның «көзимниң тирисинде биреўге басыңды шат, мен көрип кетейин» дей бергеннен соң бийперзентликтен ҳаялы менен айырылысқан бир адам менен турмысымды байладым. Бирақ оған қосылып мен де бийперзентликтиң азарын татып атырмыз. Ол көз жасларын услап тура алмады.

-Ҳеш гәп болмас бийкеш. «Перзент пенен дәўлеттиң кеши жоқ», дейдиғо. Барлық нәрсе жаратқан ийемиздиң қолында. Еледе кеш емес. Мени айтты дерсең еле балалы боласаң. Мине, мына бизиң Дәўлетбийкени көр.  Алла берди. Кишкене улым менен усы қызым  туўылғанлы  жаман болмадық. Үлкен балам Ахмет бюджетке оқыўға кирди. Ағаң лотериядан машын утты. Жайды қайтадан салып алдық. Атам пақыр айтқанындай дәўлети менен келди қызым,-деди оған мақтанышлы түрде  тәселле берген Марзия.

Барлық жаратылысы сол үйде қалып, сүлдери ғана сүйретилип қайтып баратырған Арзыгүл жол бойы көз жасын тыя алмады. Бир ўақытлары турмыс қурамыз деп алдап, ақырында «мениң шаңарағым бар» деп жигитиниң еки қабат ҳалында буннан бас кешкенин, ойлай-ойлай, туўған қызын я бағып алар, я өлер деп сол жигити менен усылардың қорасына таслап кеткенин, сол нәресте өзиниң ишинен шыққан перзенти екенлигин айтқысы келди бирақ, тис жарып айта алмағанлығына қатты өкинди.  Иштеги дебдиўи тамаққа келип тығылып, ҳеш қандай шарасыз алға қарай жүрип барар еди.

Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги