Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикасы Төрткүл районлық бөлими тәрепинен өткерилген тергеўге шекем тексериўде электр энергиясынан нызамсыз пайдаланыў жағдайы ашылды.
«Z.T.» жеке меншик кәрханасы ҳәм «Ch.Z.» шаңарақлық кәрханасының жуўапкер шахслары пуқара А.Аға тийисли Нөкис көшесинде жайласқан улыўма аўқатланыў шақапшасы имаратында коммерциялық мақсетте улыўма пайдаланыўдағы тармаққа өзбасымшалық пенен жалғанып, жәми 1,5 миллиард сумлық электр энергиясынан нызамсыз пайдаланған.
Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери өткерилмекте.
Д.Абибуллаев,
Қарақалпақстан хабар агентлиги