2025-жыл ушын Мәмлекетлик бюджет бойынша нызам жойбарында атап өтилгениндей, мәмлекетимизде 2025-жылы жергиликли бюджетлер еркинлигин арттырыў ушын олардың ықтыярында қалатуғын салық түсимлерин көбейтиў режелестирилмекте. Бул юридикалық тәреплерден алынатуғын мүлк ҳәм жер салығы, айланыстан салық ҳәм физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы есабынан әмелге асырылады.

Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң мағлыўматына бола, 2024-жылы трансферт алыўшы районлар саны 188 ди қурады. 2025-жылы бул көрсеткиш жергиликли бюджетте қалатуғын салықлар муғдарын арттырыў арқалы 110 ға шекем азайыўы күтилмекте.

Район бюджетлерине трансферт муғдары 2024-жылы 18,5 триллион сумды қураған болса, 2025-жылы 7,8 триллион сумға шекем азаяды. Бул арқалы район қәрежетлериндеги трансфертлердиң үлеси ҳәзирги 48 проценттен 21 процентке шекем азаяды. Район бюджетлер дәраматы болса ҳәзирги 19,9 миллиард сумнан 29,3 миллиард сумға шекем артады.

Ҳәзирде район бюджетине төмендеги салықлардан түскен қаржылар жиберилмекте: ЖТИлерден дәрамат салығы, физикалық тәреплердиң мүлки ижарасынан дәрамат салығы, олардан алынатуғын мүлк ҳәм жер салықлары, руда емес қурылыс материаллары бойынша недра салығы, суў ресурслары салығы.

2025-жылдан баслап төмендеги түсимлер де районда қалдырылады: физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығының кеминде 50 проценти, айланыс салығы, юридикалық тәреплерден алынатуғын жер ҳәм мүлк салықлары (ири салық төлеўшилердиң түсимлерин тысқары), мәмлекетлик мүлк ижарасынан дәраматлар.

Қарақалпақстан Республикасы бюджетине, ўәлаят бюджетлерине ҳәм Ташкент қаласы бюджетине төмендегилер толық көлемде өткериледи: юридикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салық (ири салық төлеўшилер тәрепинен төленетуғын салықлар); юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы (ири салық төлеўшилер тәрепинен төленетуғын салықлар); бензинди, дизель жанар майын ҳәм газди ақырғы тутыныўшыларға реализациялаўдағы акциз салығы; темеки өнимлери (импорт арқалы кирген өнимлерден тысқары) ушын акциз салығы бойынша түсимлер (1-июль жағдайына бола халық санының республика  халқы санындағы үлесине муўапық).

Онда дәраматлар бойынша прогноздың орынланбаған бөлеги Қарақалпақстан Республикасының бюджетине, ўәлаят бюджетлерине ҳәм Ташкент қаласы бюджетине республикалық бюджет қаржылары есабынан қапланады, дәраматлар бойынша прогноздың артық орынланған бөлеги болса республикалық бюджет ықтыярында қалады.

Салықлар Қарақалпақстан бюджетине, ўәлаят бюджетлерине ҳәм Ташкент қаласы бюджетине төмендеги үлеслерде өткериледи: физикалық тәреплерден дәрамат салығынан түскен түсимлердиң (физиалық тәреплер мүлкти ижараға бериўден алынатуғын жыллық дәрамат ҳаққындағы декларацияға тийкарланып төлейтуғын, сондай-ақ, жеке тәртиптеги исбилерменлер төлейтуғын физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығынан тысқары) Наўайы ўәлаятында 66 проценти, Ташкент ўәлаятында 51 проценти, Ташкент қаласында 12 проценти, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм басқа ўәлаятлар 100 проценти өткериледи.

Сондай-ақ, пайда салығынан түсимлердиң (Президент қарары менен тастыйықланатуғын дизимге муўапық ири салық төлеўшилер, Өзбекстанда турақлы мәкеме арқалы жумысты әмелге асырыўшы резидентлер емес, сондай-ақ резидент болмағанлар төлем дәрегинде услап қалынатуғын дәраматларынан төленетуғын пайда салығынан тысқары) Наўайы ўәлаятында 70 проценти, Ташкент ўәлаятында 49 проценти, Ташкент қаласында 12 проценти, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм басқа ўәлаятларда 100 проценти өткериледи.

Алькоголь өнимлери, соның ишинде, пиво (импорт арқалы кирген алкоголь өнимлери ҳәм пиводан тысқары) ушын ислеп шығарыўшылар тәрепинен төленетуғын акциз салығының Ташкент ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласында 5 проценти, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм басқа ўәлаятларда 30 проценти өткериледи.

Төмендеги дәраматлар республикалық бюджет ҳәм Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлери арасында бөлистириледи: мәмлекетлик бажыханалар; жәриймалар; жыйымлар; мәмлекет дәраматына өткерилген мүлкти реализациялаўдан түсимлер. Мәмлекетлик активлерди сатыўдан жергиликли бюджетлерге түсетуғын районлар ҳәм қалалар бюджетлери ҳәм Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлери арасында теңдей үлеслерде бөлистириледи.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслери, тийисли дәрежедеги жергиликли бюджетлерге ажыратылатуғын салықларды ҳәм басқа түрдеги дәраматларды (соның ишинде, усы статьяның үшинши, төртинши ҳәм бесинши бөлимлеринде көрсетилген дәраматларды) ҳәм бюджетлераралық трансфертлерди бөлистириўге, дәраматлардың прогнозын арттырып орынлаўдан алынған қаржылардың бир бөлегин районлар ҳәм қалалар бюджетлерине аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларын әмелге асырыў ушын бериўге ҳақылы.

2025-жылғы мәмлекетлик бюджет бойынша нызам жойбарында, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық кеңеслери турақ жай ҳәм турақ жай емес үйлер бойынша ижара төлеминиң ең аз ставкаларына район ҳәм қалалар бойлап, олардың экономикалық раўажланыўына қарап 2,0 ге шекем асырыўшы коэффициент қолланыўға ҳақылы екени белгиленбекте. Онда Ташкент қалалық халық депутатлары кеңеси тәрепинен усы коэффициент Салық кодексинде жер салығын есаплаў мақсетлеринде белгиленген зоналар бойлап қолланылады.

Сондай-ақ, Халық депутатлары районлық ҳәм қалалық кеңеслери районлар ҳәм қалалардың ғалабалық дем алыўға ҳәм (яки) туризмге қәнигелестирилген айырым аймақларында мүлкти ижараға бериўши физикалық тәреплер ушын белгиленген ижара төлеминиң ең аз ставкаларына Ташкент қаласы ушын белгиленген муғдарларға шекем өсип барыўшы коэффициентлерди енгизиўге ҳақылы екени айтылмақта.                                                                                                        ӨзА