“IT-PARK” Қарақалпақстан Республикасы филиалында «Мухаммед ал-Хорезмий мийрасхорлары» жойбарын Қарақалпақстан Республикасында иске түсириў бойынша ушырасыў болып өтти.
Онда Өзбекстан Республикасы Санлы технологиялар министрлигиниң Инвестицияны жойбарлаў офиси бас қәнигеси А Акромхожаев, Өзбекстан Республикасы Санлы технологиялар министрлиги қасындағы Санлы билимлендириўди раўажландырыў орайы бас қәнигеси А.Парпиев, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Г.Кожабаева ҳәм басқа да жуўапкер ўәкиллер қатнасты.
Онда тийкарғы мақсет ҳәзирги күнде Хорезм ўәлаятында жумыс баслаған «Мухаммед ал-Хорезмий мийрасхорлары» жойбарын Қарақалпақстан Республикасында иске түсириў ҳәм оны табыслы алып барыў мәселелери сөз етилип, бирге ислесиў бойынша келисип алынды.
Мағлыўмат орнында соны айтыў керек, «Мухаммед ал-Хорезмий мийрасхорлары» жойбары бул елимиздеги улыўма билим бериў мектеплериниң 7-11-класс оқыўшыларының сабақтан тысқары ўақытларда IT ҳәм инглиз тилине бийпул оқытатуғын жойбар болып есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги