Сенат Баслығы Танзила Норбоева «Еслеў поезды» мәдений-ағартыўшылық илажында қатнасқан жаслар менен ушырасыў өткерди.
Бул жойбар 2022-жылы жолға қойылған. Буннан гөзленген тийкарғы мақсет жасларды Екинши жер жүзилик урыс тарийхы менен тереңирек таныстырыў. Урыстың аянышлы ақыбетлери ҳаққында түсиник ҳәм тәсир пайда етиў ҳәм ата-бабаларымыздың қаҳарманлықларын есте сақлаў әўладлардың муқаддес миннети екенин билдириўден ибарат.
Усы жылдың 20-июнинен 5-июлине шекем шөлкемлестирилген «Еслеў поезды» жойбарында Өзбекстаннан 15 оқыўшы қатнасты.
Ушырасыў даўамында жаслардың бул жойбардан алған тәсирлери ҳәм пикир-усыныслары, жуўапкерлердиң пикир-усыныслары тыңланды.
Сенат Баслығы Т.Норбоева Екинши жер жүзилик урыста Өзбекстанның қатнасыўының әҳмийетли өзгешеликлерине тоқтап өтти. Соның ишинде, мәмлекетимиз аймағында жасаған 6,5 миллион халықтың 1,5 миллионнан артығы урыста қатнасқан. Олардың ярым миллионнан асламы қайтыс болған ҳәм 133 мыңға шамалас ўатанласымыз бийдәрек жоғалған, 60 мыңнан артығы майып болып қайтқан.
Халқымыз урыс себепли фронт аймақларынан көширип келтирилген дерлик 1,5 миллион адамды өз досларындай қабыллаған. Олардың 250 мыңнан зыяты балалар еди. Жүзлеген өзбек шаңарақлары эвакуцаияланған жетим балаларды өз қушағына алғаны, соңғы усақ нанын да олар менен бөлискени адамгершикликтиң ҳақыйқый үлгиси болды.
Халқымыздың Екинши жер жүзилик урыс дәўиринде фронта ҳәм фронт артында көрсеткен қаҳарманлығы соншелли уллы болған, бул даңқлы жеңисти өзбек халқысыз ҳасла көз алдымызға келтирип болмайды.
Усы көзқарастан Президентимиздиң басламасы менен Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм фронт артында пидайы мийнет еткен ўатанласларымыздың атларын мәңгилестириў, олардың теңсиз мәртлиги ҳәм ерлигин улығлаў мақсетинде соңғы жыллары көплеген жумыслар исленди.
Атап айтқанда, Ташкент қаласында «Жеңис парки» естелик комплекси қурылды. Бул комплекстеги «Шон-шараф» мәмлекетлик музейи, «Мәңги мәртлик» ҳәм «Матонат гимни» монументлери орнатылды.
Бул жердеги ҳәр бир объект, қурылма ҳәм экспонат халқымызды, әсиресе, жасларды урыстың аянышлы ақыбетлерин ҳеш қашан умытпаўға, ҳәзирги тыныш ҳәм абадан турмыс, ғәрезсизликтиң қәдирине жетиўге, бәрқулла сергек болып жасаў, Ўатанды қорғаўға ҳәмийше таяр турыў руўхында тәрбиялаўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Жаңа Өзбекстанның жаңа әўладлары қаҳарман ата-бабаларымыздың мақтанышлы дәстүрлерин мүнәсип даўам еттириўге, өз Ўатанына садықлық пенен хызмет етиўине, оның қорғалыўына ҳәмийше таяр мәрт батырлар болыўына исеним билдирилди.
Н.Абдураимова,
ӨзА