Усы жылдың 2-октябрь сәнесинен 8-октябрь сәнеси аралығы мәмлекетимизде «Нуранийлер ҳәптелиги» деп белгилениўи мүнәсибети менен Кегейли районында нуранийлер ушын илажлар өткерилмекте.

Ҳәптелик шеңберинде тастыйықланған қоспа қарар тийкарында, «Нураний» қоры районлық бөлими ҳәм Медицина бирлеспеси тәрепинен екинши жер жүзилик урыс жылларында фронт артында хызмет еткен кекселердиң шаңарақларынан хабар алынып, олар арнаўлы шыпакерлер тәрепинен медициналық тексериўден өткерилди.

Ал, үйлеринен өзлери емин-еркин кирип шығатуғын нуранийлер болса, районлық көп тармақлы поликлиникаларға алып келинип, шыпакерлердиң тексериўинен өткерилди ҳәм олар өзлерине зәрүрли мәсләҳәтлер алды.

Соның менен бирге, районда ҳәптелик шеңберинде нуранийлер арасында спорттың шахмат ҳәм шашка түрлеринен жарыслар өткерилип, бул олардың заўықлы дем алыўына унамлы тәсир етти.

Кегейли районында исленип атырған бул илажлар жоқарыда атап өткенимиздей кексе, нуранийлеримизди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша белгиленген илажлардың орынланыўының айқын көриниси болып табылады.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы