Ҳәзирги ўақытта ӨзЛиДеП партиясынан депутатлыққа талабанлардың сайлаўшылар менен ушырасыўы орынларда даўам етпекте.

Үгит-нәсият илажлары Мойнақ районында да шөлкемлестирилди. Олий Мажлис  Нызамшылық палатасына депутатлыққа талабан Г.Халмуратованың исенимли ўәкили Б.Жамалова оның мийнет жолы ҳәм сайлаўалды бағдарламасы менен таныстырып өтти.

Ушырасыўда Гүлжан Халмуратова соңғы жыллары мәмлекетимизде түпкиликли реформалар әмелге асырылып атырғанлығын, әсиресе, буны мойнақлықлар өз турмысы мысалында сезинип атырғанлығын турмыслық мысаллар менен түсиндирип өтти.

Районда соңғы жыллары әмелге асырылған жумыслар ҳәм партияның сайлаўалды бағдарламасындағы 5 анық максет ҳәм ўазыйпалардың ҳәр бир бағдарында барлық тараўлар сәўлеленгенлигин атап өтти.

Атап айтқанда, халық арасында кеселликлерди кескин азайтыў, саламат турмыс тәризин енгизиў, алдағы бес жылда бюджеттен медицинаға ажыратылатуғын жыллық қаржы көлемин кеминде 2 есе арттырыў, пуқараларға медициналық хызметлер ушын кредитлер ажыратыў системасын енгизиў, саламатлықты қайта тиклеў ушын банктен жеңиллетилген 3 жыл мүддетли кредит алыў мүмкиншилигин жаратыў бойынша бир қатар ўазыйпалар алға қойылған.

Партияның өз мойнына алған ўазыйпалары үлкен және оны турмысқа басқышпа-басқыш енгизиў, әмелде қолланыў халқымыздың абаданлығы ушын хызмет етеди.

– Мен усы ушырасыўда қатнасып, талабанның пикирлерин тыңлап анық жуўмаққа келдим,-дейди мойнақлы нураний А.Тлеўов. – Әсиресе, бағдарламада улыўма орта билим бериў мектеплериндеги класс басшылары ушын төленетуғын ақша муғдарын көбейтиў белгиленгени де мени бийпәрўа қалдырмады. Мен, усы басламаларды қоллап-қуўатлап, даўыс беремен.

Талабанның сайлаўшылар менен ушырасыўы Қоңырат, Шоманай, Хожели ҳәм Тақыятас районларында да шөлкемлестирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги