Қарақалпақстан насос станциялары ҳәм энергетика басқармасына қараслы Қанлыкөл районындағы “Кентай” насос станциясында электр энергиясынан нәтийжели пайдаланыў, үнемлеў ҳәм насос станциялары агрегатларын мәўсим даўамында оңлаў мәселелерин додалаўға бағышланған илаж өткерилди.

Онда басқарма баслығының орынбасары Н.Аралбаев Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 14-июньдеги “Энергия ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарында көрсетилген электр энергиясын үнемлеў бойынша ўазыйпаларға кеңнен тоқтап өтип, Суў хожалығы министрлигиниң ҳәптелик графигинде белгилеп берилген тапсырмалары тийкарында барлық насос станцияларында заманагөй энергия үнемлеўши қурылмаларды орнатыў ҳәм насос станциялары агрегатларын сапалы оңлаў сыяқлы мәселелер туўралы түсиник жумыслары ҳәм көргизбели илажлар өткерилип атырғанын атап өтти.

Илажда басқарманың Энергетика бөлиминиң участка баслығы Қ.Алиев күн тәртибиндеги мәселелер, усы райондағы насос станцияларында әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, Қанлыкөл районында бүгинги күнге шекем тазадан 4 насос, 11 электродвигатель, 22 конденсатор орнатылған. Үскенелердиң жаңаланғаны нәтийжесинде жылына орташа 355, 592 мың кВт электр энергиясы үнемлениўине ерисилмекте.

Көргизбели семинар формасында өткерилген илажда насос станцияларында гүзги-қысқы мәўсимде режелестирилген жумыслар, атап айтқанда, насос агрегатларын оңлаў-қайта тиклеў, насос агрегатларын саз ҳалында сақлаў ҳәм қыстан зыянсыз өтиў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги