Шоманай районында және он бир ҳаял-қызға субсидия тийкарында  тигиў машиналары тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Шоманай районындағы Халық қабыллаўханасының баслығы И.Абдрахманов, район ҳәкиминиң биринши орынбасары А.Бекбергенов ҳәм районлық  Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлиминиң баслығы Ғ.Қурбановлар шығып сөйлеп, усы бағдарда әмелге асырылып атырған илажларды атап өтип, баҳалы мәсләҳәтлерин берди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 11-май күнги 252-санлы қарары талаплары тийкарында мәҳәллелерде өзин-өзи бәнт етиў мақсетинде  кәсип-өнерге оқытылып, сертификатқа ийе болған он бир ҳаял-қызға заманагөй тигиў машиналары  субсидия тийкарында тапсырылды.

– Мен жумыссызлығым себепли ҳәким жәрдемшисине мүрәжат еткен едим. Ол мени үш айлық оқыўға жиберип, ол жерде тигиўшилик сырларын үйрендим. Мине, бүгин бир қатар бирге оқып сертификат алған ҳаял-қызлар менен бирге маған да тигиў машинасы берилди. Усылай етип бизлерди қоллап-қуўатлап, жәрдем көрсеткени ушын район басшыларынан миннетдармыз. Қуда қәлесе, енди усы тигиў машинасы менен кийим-кеншек, көрпе-төсеклерди тигип, халқымыздан келген басқа да буйыртпаларды орынлап хожалығыма дәрамат келтирежақпан,-дейди аймақ турғыны  Генжегүл Хожаева.

Районда бул бағдардағы илажлар нәтийжели даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги