Ҳәзирги қурамалы ҳәм қыйын дәўирде ғәрезсизлигимизди ҳәр тәреплеме беккемлеў, тарийхымыздың бизге белгисиз бетлерин илимий көзқарастан терең үйрениў, инсан, оның ҳуқық ҳәм еркинликлерин жоқары қәдирият сыпатында тән алыў, усы тийкарда жас әўладтың Ўатан тәғдири ҳәм келешегине жуўапкершилик сезимин, пуқаралық позициясын күшейтиў, оларды бүгинги тыныш, еркин ҳәм азат өмирдиң қәдирине жетиў руўхында тәрбиялаў мәмлекетлик сиясатқа айланбақта. Усы мақсетте Республика руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң шөлкемлестириўи менен Репрессия қурбанлары естелиги музейинде руўхый-ағартыўшылық илаж өткерилди.
Илажды Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң проректоры Сахабатдин Алаўатдинов ашты ҳәм басқарып барды.
Онда Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими жетекши илимий хызметкери, тарийх илимлериниң докторы Сәбит Нуржанов, Әжинияз атындағы НМПИ Қарақалпақ әдебияты кафедрасы профессоры Қабыл Мәмбетов, Репрессия қурбанлары естелиги музейи директоры Алишер Қудияров, Республика руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң бас қәнигеси Нариман Шынназаровлар шығып сөйлеп, 1937-1953-жыллары тоталитар дүзим тәрепинен 100 мыңнан аслам халқымыздың ўәкиллери репрессия қурбаны болғанлығы ҳәм олардың 13 мыңнан асламы атып тасланып, неше мыңлағаны сүргинге жиберилгени ҳаққында айтып берди. Әсиресе, олардың арасында белгили мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткерлер, илим ўәкиллери, дөретиўши зыялылар, диний уламалар, әскерий тараў ҳәм суд-ҳуқық системасы хызметкерлериниң де болғанлығына айрықша тоқтап өтилди.
-Мине соңғы жыллары Ўатанымыздың ғәрезсизлиги, халқымыздың азатлығы ушын гүресип, усы жолда жанын пидә еткен, сиясий репрессия қурбанлары болған ата-бабаларымыздың өмири ҳәм ислеген хызметлерин үйрениў, олардың атларын мәңгилестириў бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң басшылығында кең көлемли жумыслар алып барылмақта,-дейди Репрессия қурбанлары естелиги музейи директоры Алишер Қудияров.-Атап айтқанда, 2021-2024-жыллар даўамында Өзбекстан Республикасы Жоқары Суды тәрепинен 1 мың 200 ден аслам сиясий репрессия қурбанларының атлары ақланды. Бул бағдарда бизиң республикамызда да унамлы ислер әмелге асырылмақта.
Сондай-ақ, кешеде сол жыллардағы репрессия қуўдалаўына ушырап, өз үйи ҳәм елин таслап кетиўге мәжбүр болған, халқымыздың ағартыўшы уламасы ҳәм шайыры Қазы Мәўдит Бекмуҳаммед улының ақлығы Файзулла Ҳабибуллаев та атасының өмири, дөретиўшилиги ҳәм басынан кеширген қыйыншылықлары ҳаққында кең түрде шығып сөйлеп, Репрессия қурбанлары естелиги музейине Қазы Мәўдит Бекмуҳаммед улы тәрепинен қайта исленген «Ғәрип-Ашық» дәстанының араб имласындағы қол жазба китабын саўға етти.
Кеше ғалаба хабар қураллары хызметкерлери ҳәм студент-жаслар тәрепинен баянатшыларға сораўлар берилип, оларға тийисли жуўаплар алынды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы