Өзбекстан Республикасы Жақын Шығыстағы жағдай жеделлик пенен кескинлесип атырғанынан терең қәўетерде екенин билдиреди.
Кескинлик дәрежесиниң және де артыўы кең регионда қәўипсизликке болған қәўип-қәтерлердиң мисли көрилмеген дәрежеде күшейиўине ҳәм пүткил халықаралық жәмийетшилик ушын алдыннан айтып болмайтуғын ақыбетлерге алып келиўи мүмкин, деп есаплаймыз. Биз қарама-қарсы тәреплерди cабырлылыққа ҳәм кескинликтиң және де күшейиўине алып келиўи мүмкин болған ҳәрекетлерден тыйылыўға шақырамыз.
Өзбекстан тәрепи келиспеўшиликти халықаралық нормалар ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Қәўипсизлик Кеңесиниң қарарларына муўапық тыныш жол менен шешиў ушын жедел илажлар көриў зәрүр екенлигин және бир мәрте атап өтеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги