Быйыл 30-сентябрьде «Республикада агросанаат тараўына жаңа базар механизмлерин енгизиў ҳәм санаатласқан бағ ҳәм жүзим атызларын пайда етиўдиң қосымша илажлары ҳаққында»ғы Президент пәрманы қабыл етилди.

Пәрманға бола, Аўыл хожалығында хызметлер көрсетиў агентлиги негизинде Агросанаатты раўажландырыў агентлиги, Агентлик жанында Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў қоры ҳәм Вино жетистириўди раўажландырыў қоры тийкарында Агросанаатты раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик мақсетли қоры шөлкемлестириледи.

2024-жыл 1-октябрьден санаатласқан жаңа интенсив бағ ҳәм жүзим атызларын жаратыў ҳәм қаржыландырыўдың жаңа системасы енгизиледи.

2024-жыл 1-октябрьден жаңа бағларды жаратыўды Қордың кредит ресурслары есабынан коммерциялық банклер арқалы қаржыландырыўдың төмендеги тәртиби енгизиледи:

Яғный биринши басқышта – жерди егиўге таярлаў ушын жеңиллетилген кредиттиң 10 процентине шекемги муғдарда;

екинши басқышта – нәл сатып алыў ҳәм егиў қәрежетлерине жеңиллетилген кредиттиң 40 процентине шекемги муғдарда;

үшинши басқышта – суўғарыў системаларын орнатыў қәрежетлерине жеңиллетилген кредиттиң 30 процентине шекемги муғдарда;

төртинши басқышта – бағ өнимге киргенге шекем 3 жыл тәрбиялаў қәрежетлерине жеңиллетилген кредиттиң 20 проценти муғдарында ажыратылады.

Пәрманға бола, 2025-жыл 1-январьдан социаллық жақтан нәтийжесиз, аз өнимдарлы бағ ҳәм жүзим атызларын жарамсыз деп табыў, олардың орнында интенсив бағ ҳәм жүзим атызын жаратыў ямаса сүрилген жерлер категориясына өткериў ҳаққында жуўмақты қабыллаўшы район (қала)лық комиссиясы тәрепинен экономикалық жақтан нәтийжесиз ҳәм аз өнимдарлы бағ ҳәм жүзим атызлары деп жуўмақ берилген сәнеден баслап 12 ай даўамында жаңа бағ ямаса жүзим атызлары жаратылмаған жағдайда бул бағ ҳәм жүзим атызлары жайласқан майданлар ушын жер салығы 3 есеге арттырылады.

Интакерлер жаңа бағларды жаратыўда өз талаплары ушын сырт еллерден белгиленген дизимдеги таяқшалы мийўели нәллер ҳәм таяқшалар, аналық материаллары ҳәм техникаларды импорт етиўде қосымша қун салығы ҳәм бажыхана бажыларынан азат етиледи.

2024-жыл 1-декабрьден фермер ҳәм дийқан хожалықларының абырайын арттырыў, қайта ислеўши ҳәм экспорт етиўши кәрханаларға жәрдемлесиўге қаратылған «мийўе-овощ» өнимлери жетистириўшилерди баҳалаў» системасы енгизиледи.

Агентлик мийўе-овощ жетистириў бағдарындағы өним жетистириўши, қайта ислеўши субъектлер, ыссыхана хожалықлары ҳәм Агентлик мәплерин гөзлеп судқа киргизилген шағымлар бойынша мәмлекетлик бажы төлеўден азат етиледи.

Ш.Маматуропова, ӨзА