Ташкент қаласында 1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен салатанатлы мәресим болып өтти.

Президент Шавкат Мирзиёев сөзиниң басында барлық тәлим-тәрбия хызметкерлерин байрам менен  қызғын қутлықлап, халқымыздың терең ҳүрмет-иззетин жеткерди.


– Биз устазды әкедей уллы деп билген, оны ҳәмийше басына көтерип қәдирлеген уллы, ағартыўшы халықтың ўәкиллеримиз. Тарийхымыздағы қайсы белгили ата-бабамызды алмайық, олардың барлығы устазларға жоқары ҳүрмет пенен қарағанының гүўасы боламыз. Устазды, муғаллимди ҳүрметлеген жәмийет әлбетте раўажланады, гүллеп-жаснайды. Оқытыўшысының қәдири бәлент болған халықтың абырай-мәртебеси жоқары болады,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Турмыста ҳәр бир жақсылық, ҳәр бир ойлап табылыў ҳәм жетискенликтиң тийкарында муғаллимниң мийнети, шыдамы ҳәм меҳир-муҳаббаты жәмленгени атап өтилди.


– Билимлендириў – тараўлар ишинде ең глобалы, мектеп – ең әҳмийетлиси болса, муғаллимшилик кәсиплер арасында ең уллысы болып есапланады. Жеке өзим муғаллим дегенде, өзим ушын әзиз ҳәм қәдирли болған инсанларды жүз-көзинен нур жаўылып туратуғын уллы адамларды көз алдыма келтиремен. Олар заманымыздың ең алдыңғы адамлары, жанкүйер ўатансүйийўши, халықшыл инсанлар болып есапланады. Сол себепли халқымыз өзиниң ең үлкен байлығын – перзентлери тәрбиясын муғаллимлерге исенип тапсырады,-деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.

Устазлардың данышпанлығы, турмыс мәнисин терең түсинип, адамларды жақсылыққа ҳәм табысларға руўхландыратуғыны атап өтилди.


– Инсанның санасы, көзқарасы өзгермесе, жәмийет өзгермейди. Жәмийет өзгермесе, раўажланыў да болмайды. Адамлардың ақыл-ойын, сол тийкарда пүткил жәмийетти ким өзгерте алады! Жаңа берунийлерди, хорезмий ҳәм ферғанийлерди ким камалға келтиреди! Бундай уллы ўазыйпаны түпкиликли мәнидеги тарийхый миссияны орынлаўға тек ғана сиз – муғаллим ҳәм устазлар уқыплысыз,-деди Президент.

Бүгин елимиз ул-қызлары халықаралық пән олимпиадаларында, спорт майданларында үлкен шеклерди қолға киргизип атырғаны еске алынды. Бул жеңислер бәринен бурын устаз-тәрбияшылардың пидайы мийнетиниң нәтийжеси екени тән алынды.


Өзбекстан Республикасы Президентиниң 27-сентябрьдеги пәрманына муўапық, тәлим-тәрбия системасында қосқан мүнәсип үлеси, саламат ҳәм бәркамал әўладты камалға келтириўдеги ибратлы жумысы ҳәм жәмийетлик турмысқа белсене қатнасы ушын бир топар ўатанласларымыз ҳүрметли атақ, орлен ҳәм медальлар менен сыйлықланған еди.

Мәресимде мине, усы сыйлықлар салтанатлы түрде тапсырылды.


– Өз мийнети менен қәдирлениў, ел-халықтың ардағында болыў ҳақыйқый бахыт. Бул, әсиресе, муғаллим ҳәм устазларға жарасады. Қәдириңиз де, қәддиңиз де бәрқулла бәлент болсын, әзиз устазлар,-деди Шавкат Мирзиёев.

Сыйлықланғанлардың атынан шығып сөйлегенлер билимлендириў тараўы ҳәм муғаллимлерге итибары, азғана хызметлерин жоқары баҳалағаны ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди.









ӨзА