Жаңаланған конституциялық-ҳуқықый шараятларда мәмлекетимизди раўажланыўының тийкарғы бағдарларын жетилистириў ҳәм әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды жаңа басқышқа алып шығыў мақсетинде 2023-жылдың 11-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан-2030» стратегиясы ҳаққындағы Пәрманы қабыл етилди.

Усы күни Президентимиздиң және бир әҳмийетли ҳүжжети, «Өзбекстан-2030» стратериясын сапалы ҳәм өз ўақтында әмелге асырыў илажлары ҳаққындағы Қарары қабыл етилди.

Бунда бес бағдар бойынша әмелий илажлар режеси тармақлар кесиминде 320 мақсетли көрсеткишлер белгиленип, 105 нормативлик ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарлары ислеп шығылатуғынлығы белгиленген.

«Өзбекстан-2030» стратегиясында нызам үстинлигин тәмийинлеў менен бирге, суд-ҳуқық тараўында да бир қатар мақсетлер белгиленди.

Атап айтқанда, бирден-бир электрон реестр жаратыў арқалы жынаят исин қозғатыўдан баслап ис бойынша ҳүким шығарыламан дегенге шекемги процесслерди индивидуал номер ҳәм QR код арқалы бақлап барыў имканияты енгизиледи, дәлиллерди топлаў ҳәм беккемлеў жумыслары заманагөй технологиялар ҳәм соңғы илимий жетискенликлерди енгизиў арқалы толық санластырылады. Сондай-ақ, 100 процент жынаят ислери ҳәм материаллардың электрон формадағы нусқасын жүргизиў ҳәм усы ислер бойынша электрон ҳүжжет алмасыўын тәмийинлеў белгиленген.

Стратегияның және бир мақсетлеринен бири – коррупциялық факторларды сапластырыў системасының нәтийжелилигин арттырыўдан ибарат. «Transparency International» халықаралық шөлкеми тәрепинен жәрияланған Коррупцияны қабыл етиў индексинде кеминде 50 текше көтерилиўге ерисиў, мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққындағы нызамшылық ҳүжжетлери талапларын бузыў жағдайларын еки есеге азайтыў, бул тараўда қаржыларды талан-тараж етиў, товар ҳәм хызметлердиң баҳасы базар баҳасынан асып кетиўиниң алдын алыў бойынша жәмийетлик қадағалаўды толық енгизиў тийкарғы көрсеткишлер сыпатында белгиленди.

Президентимиздиң «Өзбекстан-2030» стратегиясын сапалы ҳәм өз ўақтында әмелге асырыў илажлары ҳаққындағы Қарарында жынаят ислери бойынша судқа шекем ис жүргизиў дәўиринде процессуал қарарларға санкция бериў мәселесин өз алдына судьялар (тергеў судьялары институты енгизиледи) тәрепинен көрип шығыў тәртиби ҳаққында Президент Пәрманы, усы процесслерде шахстың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўдың кепилликлерин күшейтиў, қыйнаўлардың алдын алыў бойынша превентив механизмлерди жетилистириўге байланыслы, мәлимлемеслестириў қағыйдаларын бузғанлық ушын жуўапкершиликти күшейтиў бойынша нызам жойбарларын таярлаў көрсетилген.

Стратегияда көрсетилген ҳәр бир мақсет ҳәм көрсеткишлер пуқаралардың конституция ҳәм нызамларда көрсетилген ҳуқық ҳәм еркинликлерин сөзсиз тәмийинлеўге хызмет етеди.

 

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик

суды судьясы К.Кыпшакбаев

Қарақалпақстан хабар агентлиги