Президентимиздиң қарары  менен  қарақалпақ халқының лирик шайыры, өзинен әжайып сөз маржанларын мийрас етип қалдырған Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығы мүнәсибети менен  орынларда әдебий кешелер ҳәм дөретиўшилик илажлар болып өтпекте.

Шайыр дөрериўшилигине арналған илаж Қоңырат районында да болып өтип , онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Т.Романов, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Каримов, елимизге белгили жазыўшы, шайырлар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты. Дәслеп шайырдың естелиги алдына гүллер  қойылып, шайырға ҳүрмет көрсетилди.

Илажда атап өтилгениндей, Президентимиздиң айрықша итибары менен шайырдың 200 жыллығы юбилейи орынларда кең түрде белгиленип, бул бағдарда көплеген жумыслар әмелге асырылмақта. Әжинияз Қосыбай улы ХIХ әсирдеги  қарақалпақ халқының уллы данышпан шайыры, қарақалпақ әдебиятының ири тулғасы. Шайыр қарақалпақ әдебиятында лирика, эпикалық поэзияны раўажландырыў менен бирге, айтыс жанрының да шебер дөретиўшиси болып табылады. Оның лирикалық шығармалары менен бирге «Бозатаў» поэмасы халқымыздың кеўлинен терең орын алған. Өз дөретиўшилиги менен туўған жерге деген сүйиспеншиликти, гөззаллықты жырлап, халықлар дослығын беккемлеўге мүнәсип үлес қосқан шайыр шығармалары келешек әўладқа да бийбаҳа мийрас болып, мәңги жасайтуғынына  гүман жоқ.

Жас талантлылар тәрепинен атқарылған шайырдың қосықлары, шығармалары тийкарында сахналастырылған композициялар илаж қатнасыўшыларына үлкен заўық бағышлады.

Илажға белсене қатнасқан жаслар, шайырдың дөретиўшилигине бағышланып өткерилген сүўретлер таңлаўының жеңимпазлары  ылайықлы сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги