Өзбекстанның санлы трансформациясында АҚШтың «OpenAI» компаниясы менен узақ мүддетли бирге ислесиў перспективаллары, атап айтқанда, жасалма интеллект инфраструктурасын раўажландырыў, жаслардың SI тараўындағы билимлерин арттырыўға қаратылған бағдарламалар әмелге асырылмақта.

Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов АҚШта «OpenAI» компаниясы баслықлары менен ушырасыў өткерди.

Онда Өзбекстанның миллий жасалма интеллект стратегиясы ҳәм билимлендириўге «OpenAI» тәрепинен қосылатуғын үлести додалады, делинеди Өзбекстан Республикасы санлы технологиялар министрлигиниң мағлыўматында.

Ушырасыўда тәреплер SI басқарыўы, изертлеўи ҳәм әмелияты бойынша бирге ислесиў имканиятларын көрип шықты.

Сондай-ақ, «OpenAI» компаниясы менен SI этикасы ҳәм сыр сақлаў мәселелери бойынша бирге ислесиў имканиятларына итибар қаратылды.

 

А.РУСТАМОВ, ӨзА