АИВ инфекциясы-бул адам иммунитет жетиспеўшилиги вирусы менен зыянланыў ақыбетинде келип шығатуғын кеселлик болып, оның нәтийжесинде адам организми ўақыт өткен сайын көплеген кеселликлерге берилиўшең болып қалады.

АИВ инфекциясының соңғы басқышы-АИЖС, яғный, Арттырылған Иммунитет Жетиспеўшилиги Синдромы болып есапланады.

АИВ инфекциясы менен зыянланған айырым адамлар өзлериниң бул кесселик пенен аўырғанын билгеннен соң өзин әтираптағылардан шетке ала баслайды. Атап айтқанда, өзлерине бөлек ыдыс-табақ ажыратып, бөлек аўқатланады. Бирақ, күнделикли турмыста буның ҳеш қандай зәрүрлиги жоқ. Себеби, АИВ инфекциясы тек ғана төмендеги жол менен яғный, бириншиден қан арқалы,  екинши жынысый жол менен, үшиншиси, АИВ менен кеселленген анадан балаға ҳәмиледарлық  пайытында ҳәм туўыў ўақтында, баланы көкирек сүти менен емизгенде жуғады.

Ал, силекей, көз жасы, тер, сидик арқалы кеселлик жуқпайды. Бул суйықлықлардан зыянланыў ушын вирустың муғдары жеткиликли емес.

АИВ инфекциясы менен зыянланыўдың дәслепки басқышында кеселлик белгилери сезилмейди ҳәм бир неше жыллар даўамында ол сыртқы көринисинен саламат адамға уқсап жүреди. Бул ўақытта адам өзи билмеген ҳалда басқаларға кеселликти жуқтырып жүриўи мүмкин.

Егер, адам тез-тез жуқпалы кеселликлерге мәселен, грипп, диарея, герпес вирусы, стоматит, тери хәм жынысый органлардың созылмалы кеселликлерине берилиўшең болып қалған жағдайда, АИВ инфекциясына қан тапсырып оның нәтийжесинен өзиниң кесселик инфекциясын жуқтырғанын билиўге болады.

АИВ инфекциясы тек ғана лаборатория усылында қан анализин тапсырыў арқалы анықланады. Ҳәзирги ўақытлары республикамыз аймағында районлар аралық лабораториялар жумыс алып бармақта. Буннан тысқары, пуқаралар қалалық ҳәм районлық медицина бирлеспелерине қараслы көп тармақлы поликлиникаларда да бийпул қан анализлерин тапсырыўы мүмкин. Онда нәтийже қандай болыўына қарамастан, бул сыр сақланады.

АИВ инфекциясының алдын алыў ушын ҳәр бир адам жоқарыдағы жуғыў жолларынан өзлерин сақлай билиўи, өмирлик жолдасына садық болып жасаўы, жаман иллетлерден өзлерин тыйып билиўи, тосаттан болатуғын жынысый қатнасықлардан сақланыўы керек болады. Буннан басқа да жеке ҳәм жәмийетлик гигиена қағыйдаларына турақлы түрде бойсыныў ҳәм оларға әмел етиў, бир мәрте қолланылатуғын шприц ҳәм ийнелерден, және толық зыянсызландырылған медициналық ҳәм медициналық емес әсбап-үскенелерден пайдаланыў тийис. Сондай-ақ, қан ҳәм оның компонентлерин қолланыўдан алдын АИВ инфекциясына тексериўден өтиўи, сырт  мәмлекетлерде жумыс ислеўши пуқаралар ҳәр бир барып келгенинен кейин турақлы түрде жергиликли поликлиникаларға барып АИВ инфекциясына қан тапсырып тексериўден өтиўи керек. Ал, турмыс қурмақшы болған жасларымыз болса, некелеспестен алдын жергиликли емлеўханаларда медициналық тексериўден өтиўи, соның ишинде АИВ инфекциясына қан тапсырыўы шәрт.

Сонда ғана қурып атырған шаңарағымыз беккем ҳәм турмысымыз абадан болады.

А. Айтмуратова,

Г. Хабипова.

Қарақалпақстан Республикасы АИЖСке қарсы гүресиў орайы шыпакерлери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги