Саудия Арабстаны Патшалығы ҳәр жылы 23-сентябрьде Миллий күнди кең түрде белгилейди. Байрам күнлеринде «Арда» ойыны атқарылады.
Араблар қолда қылыш пенен қосық айтып, ойынға түскени көпшиликтиң итибарын тартқаны анық. Бул дәстүрий көркем өнер үлгисиниң фольклор көриниси ҳәр түрли мәдений дәстүрге, терең тарийхқа ийе мийрас есапланып, терең мәниси, гөззал ҳәрекетлери менен ажыралып турады.
SPA мәлимлеме агентлигиниң жазыўынша, Арда – басшылық ҳәм халық арасындағы мәңги аўызбиршилик тымсалы сыпатында ерлер тәрепинен атқарылады. Адамда толқынланыў сезимин, ўатанға садықлық, муҳаббат руўхын оятады.
Арда қосықлары арасында ең белгили есапланатуғын «Наҳват Ал-Аужа» тарийхы заманагөй мәмлекет қурыўынан алдыңғы Ол Сауд үрим-путағына барып тақалады.
2015-жылдың декабрь айында UNESCO мәдений емес мийрасы дизимине киргизилген. 2017-жылы патша Абдулазиз сарайында Саудия Арда Миллий орайы шөлкемлестирилди. Бул жаўынгерлик атқарыў даўамлылығы 4 саатқа шекем созылады.
Өзбекстан ҳәм Саудия Арабстаны арасында дипломатиялық қатнасық 1992-жылы 20-февральда орнатылған. Бул мәмлекет бириншилер қатарында мәмлекетимиз ғәрезсизлигин тән алған.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев 2022-жылы 17-18-август күнлери Саудия Арабстанына әмелге асырған тарийхый сапары, тахт мийрасхоры, Министрлер Кабинетиниң Баслығы Муҳаммад ибн Салмон бин Абдулазиз бенен өткерилген сөйлесиўлер еки тәреплеме бирге ислесиўди жоқары шыңға көтереди. Бүгинги күнде жоқары дәрежеде қол қойылған бир қатар ҳүжжетлер түрли тараўларда бирге ислесиўди раўажландырыўға тийкар болмақта.
Муҳаррама Пирматова таярлады. ӨзА