Франция Бас министри Мишель Барнье «France2» телеканалы арқалы мәлим етиўинше, мәмлекеттиң қарызы 3 триллион евродан көбейген, мәмлекет экономикасы болса қыйын жағдайда.

Мағлыўматқа бола, бул муғдар 3,16 триллион евроны қурайды. Барнье «мәмлекет қарызы көбейиўи, экология талабының азайыўына жол қойылмайтуғын»ын атап өтти.

– Қәрежетти қадағалаўға ҳәм пенсия реформасын сақлап қалыўға умтыламыз, – деп қосымша етти ол. – Денсаўлықты сақлаў системасы ҳәм иммиграцияны қадағалаўға әҳмийетли итибар қаратылады.

Ҳүкимет басшысы бай французлар дәраматына салықтың көбейиўин де инкар етпеди:

– Ең бай ўатанласларымыздан экономикалық жағдайды нормаға келтириў илажларында қатнасыў талап елтилиўи мүмкинлигин инкар етпеймен.

Алдынырақ Елисей сарайы сыртқы ислер министри етип Жан-Ноэль Барро тайынланған жаңа Министрлер Кабинети қурамын жәриялаған еди. Себастьян Лекорню Қураллы Күшлер басшылығын сақлап қалды, Бруно Ретайло болса Ишки ислер министри лаўазымын ийеледи. Экономика министрлигин 33 жастағы Антуан Арманд басқарады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги