Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2024-жылда мәҳәллелердиң инфраструктурасын буннан былай да жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында» ғы 2024-жыл 17-июль күнги арнаўлы қарары тийкарында, Қараөзек районы аймағында халқымызды қыйнап киятырған машқалаларды шешиў бағдарында кең көлемли жумыслар əмелге асырылмақта.
Соның ишинде, А. Досназаров аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Қайшылы» аўылы турғынлары көп жыллардан берли ишимлик суў мәселесинде, әдеўир қыйналып, бул бойынша район ҳәкимлигине мүрәжат еткен еди.
Мәмлекетимиз Президентиниң жоқарыда атап өтилген қарары тийкарында, аўыл халқының мүрәжаты тийисли тараў басшылары тәрепинен үйренип шығылып, тийисли шөлкемлердиң жәрдеми менен ишимлик суў машқаласы өзиниң унамлы шешимин тапты.
Атап айтқанда, ишимлик суў тармақлары бойынша кәрханалардың хызметкерлери тәрепинен усы аўылда жасаўшы 20 хожалық таза ишимлик суўы менен тәмийинленип, пуқаралардың турмыс шараятларының жақсыланыўына ерисилди.
-«Қайшылы» аўылы халқы бундай саўаплы иске жәрдем қолларын созған тараў басшыларына өзлериниң терең миннетдаршылықларын билдирмекте,-дейди Қараөзек районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети баслығы Баҳадыр Өтепшиев.
Район аймағында бул бағдардағы жумыслар басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы