Қарақалпақстанда туризмди раўажландырыў бойынша Муўапықластырыў Кеңесиниң биринши мәжилиси болып өтти.

GIZ (Германия халық аралық бирге ислесиў жәмийети) ҳәм “DMO Karakalpakstan” биргеликтеги жойбары шеңберинде, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасының қоллап-қуўатлаўында шөлкемлестирилген бул Кеңестиң тийкарғы мақсети – мәмлекетлик уйымлар ҳәм жеке сектордың арасында туризм тараўын раўажландырыў бойынша нәтийжели байланысларды жолға қойыўдан ибарат.

Мәжилис даўамында туризмди раўажландырыўға байланыслы әҳмийетли мәселелер додаланды. Яғный, “DMO Karakalpakstan” шөлкеми тәрепинен бул тараўдағы әмелдеги нызам ҳүжжетлериниң таллаў нәтийжелери усыныс етилип, Қарақалпақстанда туризмди буннан былай да раўажландырыў бойынша усыныслар қәлиплестирилди.

Муўапықластырыў Кеңесиниң мәжилислери ҳәр үш айдан бир мәрте өткериледи. Солай екен, мәмлекетлик ҳәм жеке секторлардың арасындағы шериклик байланыслары туризмниң нәтийжели раўажланыўына ҳәм бул тараўға жаңа имканиятлар есигиниң ашылыўына жақыннан жәрдем береди деп исенемиз.

Мағлыўмат ушын: DMO Karakalpakstan – мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем болып, оның тийкарғы мақсети – Қарақалпақстан Республикасында туризм тараўын раўажландырыў, мәдений мийрасты сақлаў ҳәм жергиликли халықтың турмыс шараятын жақсылаўдан ибарат.

Қарақалпақстан хабар агентлиги