“Numbeo” порталы дүзген жер жүзи мәмлекетлеринде белгиленген орташа айлық мийнет ҳақы рейтингинде 438 доллар менен 76-орынды ийеледи.

Мәмлекетимиз бул көрсеткиш бойынша Әзербайжан ҳәм Бразилия аралығында орын алған. Анықланыўына бола, туўысқан әзер журты жумысшы-хызметкерлери де тап бизлердей айына орташа 438 доллар алады екен, Бразилияда болса айлық мийнет ҳақы муғдары 426 долларды қураған.

Рейтингте 7193 доллар менен Швейцария жетекшилик етпекте. Екинши орында Люксембург, үшинши орында АҚШ турыпты ­– сәйкес түрде 6030 ҳәм 4529 даллар менен.

Азия континенти көлеминде Сингапур ҳәм Қатар жоқары дәреже көрсеткен – дүньяда 4-5-орынлар. Түркия 705 доллар менен 55-орында. Қазақстан (508) Россия (554) ны артта қалдырған.

Ең аз айлық мийнет ҳақы Кубада екен: тек ғана 37 доллар.

ӨзА