Өзбекстан Республикасы Минитсрлер Кабинети «Өсимликлерди қорғаўда биологиялық гүрес илажларын және де кеңейтиў илажлары ҳаққында» қарар қабыл етти.

Оған муўапық, Биологиялық қорғаў қуралларын ислеп шығарыўшылар тәрепинен көбейтилген биологиялық қорғаў қуралларын сертификатластырыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды. Режеде:

Биологиялық қорғаў қуралларын ислеп шығарыўшы тәрепинен көбейтилген биологиялық қорғаў  қуралларына сертификат бериў ҳәм оны рәсмийлестириў;

муўапықлықты баҳалаў уйымлары ҳәм инспекторлар тәрепинен биологиялық қорғаў қуралларын көбейтиўге байланыслы процесслердиң тараўдағы нормативлик ҳүжжетлердиң талапларына муўапықлығын мониторинг етиў;

биологиялық қорғаў қуралларын ислеп шығарыўшы тәрепинен  көбейтилген биологиялық қорғаў қуралларына сертификатты қайта рәсмийлестириў;

биологиялық қорғаў қуралларын ислеп шығарыўшы тәрепинен көбейтилген биологиялық қорғаў қуралларына сертификатлар реестрин жүргизиў тәртиби белгилеп берилген.

2024-жылдың ақырына шекем «Биосифат» республикалық орай лабораториясы заманагөй  әсбап-қураллар ҳәм үскенелер  менен тәмийинленеди және биологиялық қорғаў қуралларының сапасын орнында анықлайтуғын экспресс-мобиль лаборатория хызмети жолға қойылады.

Өзбекстан Республикасының «Өсимликлерди қорғаў ҳаққында»ғы  Нызамның 15- статьясына муўапық республикада жумыс ислеп атырған биолабораториялар тәрепинен өсимликлерди  қорғаў тараўындағы техникалық регламентлерде көрсетилген қәўипсизлик талапларына әмел еткен ҳалда фитосанитария илажларының өз ўақтында әмелге асырылыўы, биоөнимлердиң сапасы ҳәм атызға тарқатыў нормасы бойынша сертификатланған биологиялық қорғаў қуралларының тарқатылыўы жолға қойылады.

Қарарға бола, 2024-2025-жылларда Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда биологиялық қорғаў қуралларын көбейтиўдиң прогноз көрсеткишлери тастыйықланды.

2024-2025-жылларда Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги ҳәм ўәлаятлардағ Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў басқармалары алдын биолаборатория сыпатында пайдаланып келинген имарат ҳәм объектлер нызамшылық ҳүжжетлеринде  белгиленген тәртипте мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлеринде исбилерменлик субъектлерине ажыратылады.

Биолабораториялар ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилер арасында  биоөнимлерди  жеткерип бериў ҳаққындағы шәртнамалардың дүзилиўи ҳәм биолабораториялардың қаржыландырылыўы ҳәм  биоөнимлердиң атызға тарқатылыўы бойынша мағлыўматлар «Санлы аўыл хожалығы» платформасына жайластырылып барылады.

Қарарда 2024-2025-жылларда сырт ел (халықаралық) қаржы институтлары, басқа сырт ел донорларының техникалық жәрдемлери ҳәм грантларын тартқан ҳалда Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда кеминде биреўден үлгили заманагөй биолабораториялар  қурыў нәзерде тутылған.

ӨзА