Хожели районы ҳәкими Ж.Ермашевтың басламасы менен “Энергия үнемлеўши кәрўан” аймақларда өз жумысын баслады,- деп хабар бермекте Хожели районы ҳәкимлигиниң баспасөз хызмети. Жойбар шеңберинде тийисли тараў хызметкерлери газ ҳәм электр энергиясын үнемлеўши дереклерди орнатыў ҳәм гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жумысларын әмелге асырыў бойынша үйме-үй жүриў арқалы халыққа хызмет көрсетилди. Атап айтқанда, “FÍRDAVS XOJELI SERVIS” ЖШЖ тәрепинен халқымызға энергия ресурсларын үнемлеўши қуяш панели қурылып, оның абзаллық ҳәм бир қанша жеңилликлери ҳаққында кең түрде түсиниклер берилди.
Буннан мақсет – пуқараларымыздың жумысын жеңиллетиў ушын электр энергиясын үнемлеўши үскенелерди орнатып бериўши кәрхана, сол жердиң өзинде кредит рәсмийлестириў ушын банк хызметкерлери, дизимге алыў ушын электр тәмийинлеў кәрханасы хызметкерлери бириктирилди. Сондай-ақ, газ тармақлары хызметкерлери ҳәм Айрықша жағдайлар бөлими менен биргеликте өрт қәўипсизлигиниң алдын алыў ушын газ үскенелерин тазалаў арқалы гүзги ҳәм қысқы мәўсимге таярлаў хызметлери көрсетилди. Хожелиде жолға қойылған “Энергия үнемлеўши кәрўан” аймақларда өз жумысын даўам етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги