Китаптан киноға көшкен тарийх

 «Тил менен жаққа сөйлесин деп шешенлик береди. Бас кесилсе де тил кесилмейди. Күш атасын тыӊламайды, шешенлик дүбирлеп ишке сыймайды», деп Әжинияздыӊ балалық шағындағы келбетине тәрийип бериледи.

Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтиӊ усы жылы 16-июль күнги

«Атақлы қарақалпақ шайыры  ҳәм ойшылы Әжинияз Қосыбай улы туўылғаныныӊ 200 жыллығын кеӊнен белгилеў ҳаққында»ғы қарарыныӊ қабыл етилиўи бул қарақалпақ әдебияты менен тарийхына айрықша ҳүрметиниӊ айқын көриниси десек орынлы болады.

«Бул дүньяныӊ көрки адам баласы» деген идеяны алға сүрген Әжинияз шайырдыӊ көрегенлиги бүгинги күнде инсан мәпи ҳәмме нәрседен үстин деген турмыслық шынлық пенен үнлесип кетеди. Демек, шайырдыӊ ҳәр бир сөзи ибрат десек, буны неше дәўирлер өтседе өзин жоғалтпай киятырғанлығы менен қунлы.

Ҳәзирги ўақытта шайырдыӊ дөретиўшилик мийрасын жасларымызға үгит-нәсиятлаўға айрықша итибар берилип атыр. Усындай бир мәҳәлде биз жасы үлкенлер Әжинияз шайыр ҳаққында мәнили ҳәм салмақлы бир аўыз сөз айта алсақ инсаныйлық ўазыйпамызды атқарған боламыз.

Бул қарарда және де Әжинияз Қосыбай улыныӊ өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған «Әжинияз»  көркем-публицистикалық фильмди сүўретке алыў белгилеп берилген.  Бул қарақалпақ миллий киносына жаӊалық болып қосылатуғын үлкен кино дөретпениӊ жаратылыўына тийкар болады. Келешек жасларымыз классик шайырымыздыӊ өмири ҳәм дөретиўшилигин усы ўақытқа шекем тек китаплардан, илимий дәреклерден оқып үйренген болса, енди кино арқалы руўхый дүньясын байытады. Әлбетте, киноныӊ тәсиршеӊлик күши жоқары.

Биз илгери жыллары Әжинияз шайыр ҳаққында тек  ҳүжжетли фильмлер ислеў менен шуғылландық. Көркем фильм түсирсек еди деген пикирлеримиз де болды.

Қарақалпақстанлы кино дөретиўшилер шайыр туўралы ҳүжжетли фильм түсириў бойынша жумыс алып барғанда, еӊ дәслеп Әжинияз шайыр ҳаққында жазылған китапларды оқып, танысып шықтық. Сонда қолыма жазыўшы Караматдин Султановтыӊ «Әжинияз» тарийхый романы түсти. Биз фильмде Әжинияздыӊ келбетин шығарыўымыз ушын еӊ дәслеп тереӊ түсиникке ийе болыўымыз шәрт еди.  Усы китапты оқыр екенбиз ҳәмме кино дөретиўшилери «мына китапта ҳәттеки көркем фильм ушын таяр сюжетлер менен эпизодлар турыпты. Қәне енди имканият болғанда жазыўшы Караматдин Султановтыӊ шығармасы тийкарында көркем фильм түсирсек» деп пикирлескенбиз. Белгили кинорежиссёр Төренияз Қәлимбетов «еле ўақыт келеди, шайырдыӊ өмири туўралы кино шығарамыз» деп айтқан сөзи еле ядымызда.

Ҳақыйқатында жазыўшы К. Султановтыӊ «Әжинияз» тарийхый романы тили оғада бай, тартымлы ҳәм шеберлик пенен жазылған көркем шығарма. Оны оқыр екенбиз кино кадрлар сыяқлы шайыр турмысы көз алдымызда елеслеп турады. Кинода адам образын қәйтип сәўлелендириў зәрүр болса, бул шығармада сол тәсиршеӊлик басым.

«Баланыӊ бойына үлкенниӊ ойын киширейтип қойғандай екен» деп Әжиниязға тәрийп бериледи шығармада, бул болса нағыз киноныӊ тили. Адамды зериктирмейди және де ҳәр бир жасты зейинли өсиўге шақырады.

«Жақсыны жаман кийимниӊ ишинде таны», -дейди Әжинияз. Әзелден сөз байлығы күшли болған Әжинияздыӊ усы бир аўыз сөзи адамға ой салады.

Усы жерде бир нәрсени айтқым келеди,  биз бүгинги жасларымызға Әжинияздыӊ өмирин үйретиў арқалы әдеплиликтен сабақ беремиз. Және де китапқа мүрәжат етемиз.

«Әкеси Қосыбай; «Мына отырған Қабақ бас» сарыныӊ зейини илгир. Әттеӊ,  көп марапатлап жибердик пе?

Мен атасыман, баланы әдепли өсириў маған парыз!…

      -Ол айтқаныӊ дурыс, иним,-деди Есенгелди.

     -Лекин, биз баланыӊ соқпағын қанша нусқап отырсақ та, бағанағы айтқаныӊыздай тәғдирде әзелден маӊлайына не жазса соған бармай қоймайды».

Бүгин жазыўшыныӊ бул китабын қайталап оқыр екенбиз, Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы тийкарында классик шайырымыздыӊ 200 жыллық юбилейин кеӊ масштабта белгилеп атырғанлығынан миннетдар боламыз. Түп сағасында тәрбия турыпты.

Шайырдыӊ анасы Нуржамал түсимпаз ҳаял болады. Ҳәр қәдемде баласы Әжиниязға көз-қулақ.

«-Ақ жигит-аў, қаршадай шағыӊнан көзге түсип, аўызға илине бермесеӊ-о баўырым!…

Журттыӊ «япырмайы» жақсы емес. Тилсуқ өткиш, қаны душшы адамбыз. Биреўлерге тамаша, қызық керек. Биреўлер бир аўыз сөзге ызаланып, жаў болады. Кисини қапа қылма, өсериӊе жақсы. Душпанды көбейтпе өнериӊе жақсы… «Мыӊ балықтыӊ басын жеген елдиӊ көзи қатты болады»-деген тағы бир рәўият бар. Қосық жазғаныӊды қой балам!?

-Яқшы. Есте тутармыз, апа!»

Халқымыздыӊ тәрбиялы шаӊарағында перзенти ушын жаны пидә аналарымыз келбети көз алдымызға келеди. Мине усы қатарлар кино кадрларға көшкенде «Мыӊ балықтыӊ басын жеген елдиӊ көзи қатты болады»-деген бул қанатлы пикир аўыздан-аўызға көшип жүрери анық.

Кино жаслар тәрбиясында айрықша рол тутады және де киноныӊ тәсиршеӊлиги жоқары болады  десек, шайырдыӊ анасыныӊ даналығы жас аналарымыз ушын үлкен сабақ.

Әжинияздыӊ балалығына нәзер салар екенбиз ата-анасы теӊине тәрбия береди.

«-Сениӊ усы сөзиӊнен ғой, балаларыӊ жүўенсиз кететуғыны. Жалғыз атаныӊ гәпи не болады. Ана да тәкийт берип турмаса, әне соӊынан әдепсиз болады!.»

Китап оқыўдыӊ да өз заўқы бар. Ал, жазыўшыныӊ «Әжинияз» тарийхый романын оқысаӊ бул заўқыӊды тағы да асырады. Не деген сөз байлығы күшли деп тәсийин қаласаӊ!

       «Ким бай болмайын дейди,-қудайы қәлемейди. Ким бий болмайын дейди,- патшасы бермейди. Ким шешен болмайын дейди, қүдирети келмейди…

Әжинияздыӊ шешенлиги жаслайынан- ақ белгили еди. Көз алдымызға зейни өткир жас баланыӊ сүлдери келеди. Бул пикир буннан бир неше жыл бурын анығырағы шайырға арналған ҳүжжетли фильмлер дөреткен пайытларда айтылған еди.

«Қарақалпақфильм» киностудиясы тәрепинен «Қарақалпақстан» киножурналыныӊ 1993-жылғы .№1 санында «Саҳра Орфейи» ҳәм 1998-жылы «Зийӯар» (сценарий авторлары А.Султанов. Т.Қәлимбетов, режиссёрлары Т.Қәлимбетов, операторы Л.Ющиков) еки бөлимли ҳүжжетли фильм сүўретке алынды.

Фильмде белгили қарақалпақ шайыры, философ, сөз зергери, жаслық жыллары Хийӯаның Шерғазыхан медресесинде тәлим алған Әжинияз Қосыбай улының дөретиӯшилиги ҳаққында сөз етиледи.

Әжинияздыӊ жаслық шағын бүгинги жасларға үлги етип көрсетиўде усы ҳүжжетли фильмлерден де пайдаланса мақсетке муўапық келеди деп ойлаймыз.

Жас Әжинияздыӊ кеўлин шайырлық деген муқаддес туйғы қалай уялап алған, сирә-дә қарама-қарсылық болған ба? Ол қандай жол тутқан деген сораўлар әдебиятқа ықлас қойған жас ҳәўескерлерди қызықтырса керек.

        «-Шайырлық,-бул да қудайдыӊ берген несийбеси,-деп ғарры баланы жақлап, майдалап сөйледи.- «Тил менен жаққа сөйлесин деп шешенлик береди. Бас кесилсе де тил кесилмейди. Күш атасын тыӊламайды, шешенлик дүбирлеп ишке сыймайды. Бирақ, бир аўыз сөзден баланыӊ ырысқы-несийбесин неден салатуғынын айта қойыў қыйын. Гәптиӊ рети келгенде мектеп молласын дәлкеклеп бир қымтыған екен, неси айып? «Ҳәзилиӊ жарасса атаӊ менен ойна!». Баланы қабартпа. Молла бола ма, палўан бола ма, шайыр бола ма, әзелден жазмышта буйырғанын көре береди…»

Бул қатарлар арқалы Әжинияздыӊ қәлбинде бас көтерген шайырлық туйғыларға қаратылған қарсылықты сезинемиз. Бизиӊ сүйикли шайырымыз усындай қарсылықларды жеӊип өтип қалайынша усындай уллы классик дәрежесине ерисе алды екен. Егер бундай қунлы шығармалар кино ленталарына көшкенде уллы классик шайырымыз тири тарийх болып әўладтан-әўладқа мақтаныш болып қалары анық. Бундай уллы басламаны алға сүрген Ҳүрметли Президентимизден халқымыз миннетдар болады.

Бүгинги әўладқа  жазыўшыныӊ «Әжинияз» тарийхый романын және де қайталап оқыўын мәсләҳәт етемен.

Бахтияр МАДИЯРОВ,

«Кинематография фидокори» көкирек белгиси ийеси

Қарақалпақстан хабар агентлиги