Бүгин елимизде миллий өнерментшилик түрлери, қол өнерин раўажландырыў, исбилерменлик жумысын кеңейтиў ҳәм усы тийкарда ҳаял-қызлардың белсендилигин арттырыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылып келинбекте. Сондай-ақ, орынларда исбилермен ҳәм өнермент ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, оларға зәрүр шәраятларды жаратыў мақсетинде бир қатар унамлы жумыслар исленбекте.
«Өнерлиниң қолы алтын»,-дегениндей өнерли инсан бәрқулла өзиниң шеберлиги ҳәм искерлиги менен қыйыншылықлардан шығысып кетиў имканиятын таўып, табысларға ериседи. Нөкисли Гүлжәҳән Заримова бираз жыллардан берли өнерментшилик пенен шуғылланып келмекте. Тийкарғы кәсиби оқытыўшылық болған ол өз оқыўшыларына билим бериўден тысқары оларды кәсип-өнерге бағдарлап, өнер үйретип келмекте.
O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси «Ҳаял-қызлар қанаты» бөлими тәрепинен «Дөретиўши ҳаяллар» жойбары тийкарында өнермент, жеке тәртиптеги исбилермен Г.Заримованың жумыслары менен жақыннан танысыў мақсетинде шеберлик сабағы шөлкемлестирилди.
– 2020-жылы «Өнермент» бирлеспесине ағза болдым. Қарақалпақ халқының миллий кийимлерин тигип, қол өнери, безеў жумыслары менен шуғылланып киятырғаныма он бес жылдан аслам ўақыт болды,-дейди ол. Өнерментшиликке, миллий кийимлерди тигиўге қызығыўшы ҳаял-қызларымыз көпшиликти қурайды. Бүгинги күнде жүзден аслам шәкиртлерим бар. Халқымыздың миллий кийимлерге деген қызығыўшылығы жылдан-жылға артып бармақта. Жумысларымды және де кеңейтиў мақсетинде Президентимиздиң «Киши бизнести раўажландырыўды қаржылай ҳәм институционал қоллап-қуўатлаў илажлары» ҳаққындағы қарары тийкарында банктен жүз миллион сум кредит алдым ҳәм станок машиналарын алдым. Қарақалпақ халық нағысларының 200 ден аслам түри бар. Бүгинги күнде жоқ болып баратырған, ескирген нағысларды да заманға бейимлестирип тигип атырмыз. Хызметим даўамында ҳәр қыйлы таңлаў ҳәм көргизбелерде қатнасып жақсы нәтийжелерге ерисип киятырмыз. Атап айтқанда, 2023-жылдың 25-26-ноябрь күнлери Москва қаласында болып өткен ЕвроАзия миллий липаслары модасы таңлаўында өнерментшилик жумысларымыз бенен қатнасып, үшинши орынды ийеледим. Алдағы ўақытларда бул жумысларымызды және де кеңейтип ҳәм жумыссыз ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеўди алдыма мақсет етип қойғанман.
Партия ўәкиллери өнерменттиң жумыслары менен танысар екен, партияның сиясий күш сыпатында бүгинги күндеги хызмети, идеялық мақсет ҳәм ўазыйпаларын ен жайдырыў, әсиресе ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша алып барып атырған жумыслары ҳаққында пикирлери менен ортақласты.
Өнермент Г.Заримова партияға бийпарық емеслигин ҳәм идеялық мақсет ҳәм ўазыйпаларына исенимин билдирип, O’zLiDeP ке ағза болды.
Асем Сырымбетова,
O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң Баспасөз хызмети хаткери.
Қарақалпақстан хабар агентлиги