Наўқан қуртын бағыў ҳәм оннан жипек ислеп шығарыў үлкен машақатлы мийнетти талап етиледи. Усы жипек гезлемесинен исленген хан атласлар ҳаял-қызларға өзгеше шырай бағышлап, ҳәр қыйлы кийим-кеншеклер ушын пайдаланылып келинбекте.
Республикамызда 9-14-сентябрь күнлери «Хан атлас» фестивалы өткерилиўи белгиленип, ҳәзирги ўақытта орынларда бул фестиваль көтериңки руўхта өткерилмекте. Фестиваль Хожели районындағы қәнигелестирилген мектепте де өткерилип, онда муғаллимлер менен биргеликте оқыўшы жаслар да белсене қатнасты.
Бул фестивалға Нөкис районында жасаўшы ҳаял-қызлар да белсене қатнаспақта. Фестиваль шеңберинде қарақалпақ ҳәм өзбек халықларының миллийлигин сәўлелендириўши көргизбе шөлкемлестирилип, онда еки халықтың миллий кийим-кеншеклери, тутыныў буйымлары қойылып, хан атласта кийинген қатнасыўшылар фестивальға өзгеше заўық бағышлады. Илажды өткериўден тийкарғы мақсет – туўысқан өзбек халқының әсирлерге тең өтмиши, үрп-әдети ҳәм дәстүрлери, эстетикалық қараслары, өзине тән өзгешеликлери жәмленгенлигин сәўлелендириў ҳәм үгит-нәсиятлаўдан ибарат.
Нөкис районы ҳәкиминиң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы Г.Үббиева ҳаял-қызларды илажға белсене қатнасыўға шақырып, илаж қатнасыўшыларына фестивальдың әҳмийети, жипек гезлемесиниң инсан саламатлығына пайдалы тәреплери ҳәм эстетикалық гөззаллық бағышлайтуғынлығы ҳаққындағы пикирлерин билдирип өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги