-Усы жылдың 9-сентябрь күни республикамызға жәми 2680 бас жорға  туўалақлар  (Chlamydotis macqueenii) жабайы тәбиятқа қойып жиберилди,-деп хабар бермекте Қарақалпақстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериси министрлиги баспасөз хызмети.

Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериси министрлиги ҳәм  “Falcon Hunting Solutions” ЖШЖ менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Қызыл китабына киргизилген ҳәм жоқ болып кетиў қәўипи астындағы жабайы фауна ҳәм флора түрлери менен халықаралық саўда ислеў (CITES) Конвенциясының 1-қосымшасында киргизилген сийрек ушырасатуғын-жорға туўалақларды Қарақалпақстан Республикасы аймағының жабайы тәбиятына ҳәр жыл 2 000 бастан 3 000 басқа шекем қойып жиберилиўи режелестирилген.

Режеге тийкарланып, 2024-жылы 9-сентябрь күни Қоңырат районы, Үстирт тегислигине жәми 2680 бас жорға туўалақ қуслар қойып жиберилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги